Кейинги жыллары мәҳәлле институтын жетилистириўге қаратылған 100 ге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди. Аймақлардағы социаллық-экономикалық машқалаларды орнында шешиў мақсетинде мәҳәллелердиң ўәкилликлери кеңейтилди, финанслық ғәрезсизлиги күшейтилди. Пуқаралардың өз мәҳәллеси турмысындағы қатнасын және мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәҳәллелер арасында тиккелей байланысты тәмийинлеў, мәҳәллелерде халық пенен ислесиўге қаратылған процесслер санластырылды. Сондай-ақ, исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында өзине тән система жаратылмақта.