Илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 25-марттағы "Атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаўға қаратылған "Таза ҳаўа" улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына муўапық өткерилмекте.

Ҳүжжетке муўапық, усы жылдың 1-майынан баслап ҳәр айының 10 ҳәм 25-күнлери республикамызда "Автомобильсиз күн" ҳәм "Автомобильсиз ҳәптелик" акциялары өткериледи.

Акция өткерилетуғын күнлерде мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң хызметкерлерине хызмет автотранспортынан пайдаланыў қадаған етиледи. Онда, акция жумыс күнлери өткерилип атырған болса, айдаўшылардың мийнет ҳақысы сақлап қалынады.

Бағдарлама атмосфераға зыянлы шығындыларды азайтыў, халықтың саламатлығын қорғаў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, экологиялық мәдениятты раўажландырыў, жәмийетлик ҳәм экологиялық таза транспорттан пайдаланыўды ғалаба ен жайдырыўға қаратылған.

Илажларды муўапықластырыў ушын комиссияның арнаўлы протоколы қабыл етилди. Оған муўапық, акция күнлери мәмлекетлик хызметкерлердиң хызмет транспортынан пайдаланыўы әдеп-икрамлылық ҳәм хызмет минез-қулқы нормаларын бузыў сыпатында баҳаланады.

Сондай-ақ, белгиленген талапларға әмел етпеў лаўазымлы шахсларды интизамый жуўапкершиликке тартыўға тийкар болыўы мүмкин екенлиги атап өтилген.

Акция шеңберинде мәмлекетимиз бойлап халықтың экологиялық мәдениятын арттырыўға қаратылған ағартыўшылық илажлар, ғалабалық сейиллер ҳәм жәмийетлик илажлар өткерилиўи режелестирилген.

Пуқаралардан акцияны қоллап-қуўатлаў, қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў ҳәм мәмлекеттеги экологиялық жағдайды жақсылаўға үлес қосыў соралмақта.