1-май сәнесинен баслап мәмлекетимизде пуқаралар жыйыны баслықларының сайлаўы басланды.
Елимизде усы жыл май-июль айларында "Мәҳәлле пуқаралар жыйынлары баслықларының сайлаўы" өткериледи.
Елимизде мәҳәлле институтының жәмийетлик турмыстағы орнын беккемлеў, системаны басқышпа-басқыш раўажландырыў, финанслық имканиятларын буннан былай да кеңейтиў бойынша кең көлемли илажлар көрилмекте.
Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низомходжаев басшылығындағы Өзбекстан Республикасы делегациясы 2025-жыл 2-мартта болып өткен Тәжикстан Республикасы Мажлиси Олиниң төменги палатасы - Маджлиси намояндагонға гезектеги сайлаўларына таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесслерин бақлаўда қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 27-декабрьдеги 104-санлы қарарына тийкарланып, 2025-жыл 26-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 62-санлы «Бозжап» сайлаў округинде босап қалған депутатлық орынға сайлаўларды өткериў белгиленген еди.