"Басламалы бюджет"тиң быйылғы жыл биринши мәўсиминиң жеңимпазлары анықланыўы үлкен байрамға айланып кетти. Әдеттегидей, жеңимпазлар дизими 21-март - Наўрыз улыўмахалықлық байрамы күни жәрияланды ҳәм нәтийжелер көплеген ўатанласларымызға қос байрам кейпиятын бағышлады.

Жойбар ўатанласларымызды және бир мәрте улыўма мақсет жолында бирлестирди. Дерлик еки ай даўам еткен процесстиң ҳәр бири қызғын өтти. Дәслеп 1-20-февраль күнлери жойбар киргизиў басқышы болып өтти. Буннан соң 21-февральдан 7-мартқа шекем сайлап алыў, 8-10-март күнлери үгит-нәсиятлаў басқышы өткерилди. Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мағлыўматларына бола, "Басламалы бюджет"тиң быйылғы биринши мәўсиминде пуқаралардан жәми 21 мың 49 жойбар келип түскен. Соннан 17 мың 390 ы даўыс бериў басқышына өткерилген.

Илаждың тийкарғы ҳәм күтилген даўыс бериў басқышы 11-мартта басланып, 20-март күни жуўмақланды. Әдеттегидей, ўатанласларымыз дәслепки минутлардан-ақ арнаўлы интернет платформалары арқалы жойбарлар ушын даўыс бериўге киристи. Даўыс бериў басқышының соңғы күниниң ақырғы минутларына шекем бул белсендилик даўам етти. Мағлыўматларға қарағанда, процессте мәмлекетимиз бойынша 10 миллион 284 мың даўыс берилип, жуўмақлаўшы нәтийжелер бойынша жәми 1996 жойбар жеңимпаз деп табылды.

- Бул жойбарларды әмелге асырыў ушын мәмлекетлик бюджеттен 3 триллион 5 миллиард 827 миллион сумнан аслам қаржы ажыратылыўы режелестирилген, -дейди Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң бөлим баслығы Азимжон Ҳасанов. - Быйылғы мәўсим таллаўларына бола, бағдарлар кесиминде ең көп ишки жолларды оңлаў (868), мектеплерди оңлаў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў (566) және денсаўлықты сақлаў мәкемелерин оңлаў ҳәм материаллық-техникалық базасын тәмийинлеў (163) бойынша жойбарлар жеңимпаз деп табылды. Аймақлар бойынша болса Көкдала районынан қойылған жойбар ең көп - 13 мың 386 даўыс топлаған. Ең кем - 58 даўыс пенен жеңимпаз болған жойбар болса Мойнақ районына туўра келип, көшелерге жақтыландырыўлар орнатыў басламасы еди. Бул еле толық жуўмақлаўшы санлар емес. Усы жылы 21-31-март күнлери қосымша жеңимпазларды жәриялаў басқышы да болып өтеди. Гәп сонда, быйылғы мәўсимнен бир қатар жаңалықлар киргизилген. Енди көп даўыс топлаған, бирақ жеңимпаз болмаған жойбарларды депутатлардың басламасы тийкарында қосымша түрде жеңимпаз деп жәриялаў әмелияты жолға қойылды. Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары тийисли округтеги жеңимпаз бола алмаған бир жойбарды қосымша түрде жеңимпаз деп жәриялаўы мүмкин. Усы процесс себепли жойбарда қосымша жеңимпазларды жәриялаў мүддети белгиленген.

Мүддетинен алдын жеңимпаз

"Басламалы бюджет" халқымыз арасында улыўма миллий ҳәрекетке айланған ҳалда ҳәр сапары жойбарды буннан былай да жетилистириў, жаңалықлар ҳәм өзгерислер киргизиў бойынша анық жумыслар исленбекте. Бул жаңалықлар усы жылдың биринши мәўсиминде де көзге тасланды. Мәселен, бир жойбар ушын ең жоқары баҳа 1 миллиард 648 миллион сумға шекем, үскенелеў жойбарлары болса 824 миллион сумға шекем арттырылды.

Және бир әҳмийетли жаңалықлардан бири басламалы жойбарларды халық ҳәм мәмлекет арасында шериклик тийкарында қаржыландырыў механизми жолға қойылғаны болды. Яғный, баҳасының 50 процентин халық қаржыландырған жойбарлар автоматикалық түрде жеңимпаз деп табылып, қалған бөлеги мәмлекет тәрепинен қаржыландырылыўы белгиленген еди. Бул толық ықтыярый әмелият болған ҳалда ҳәр бир мәҳәллеге бир мәўсимде тек ғана бир жойбарды шериклик тийкарында әмелге асырыўға рухсат бериледи. Жойбар баҳасының 50 процентине тең қаржыны жыйнай алмаған шериклик жойбарлары болса шетлетилмей, қайта имканият сыпатында дәстүрий даўыс бериў басқышына өткерилетуғыны айтылған.

Бул бағдарда да жойбарларды алға қойған талапкерлер аз болмады. Көрсетилген талапларды орынлаған шериклик жойбарлары автоматикалық түрде жеңимпаз деп табылып, олардың дизими "Басламалы бюджет"тиң даўыс бериў басқышына шекем избе-из жәрияланып барылды. Бухара ўәлаяты Ғиждувон районы "Шарқ" МПЖ Юсуф Ҳамадоний көшесиниң ишки жолларын асфальтлаў және Қашқадәрья ўәлаяты Көкдала районы "Ески Анхор" МПЖ ҳәм Ақардәрья көшелерин асфальтлаў бойынша шериклик жойбарлары дәслепки жеңимпазлардан болды. Бул жойбарлар баҳасының 50 проценти 10-мартқа шекем пуқаралар тәрепинен қаржыландырылып, даўыс бериў процесисиз, яғный шериклик механизми тийкарында "Ашық бюджет" порталында мүддетинен алдын автоматикалық түрде жеңимпаз деп табылды.

- "Басламалы бюджет"тиң усы жыл биринши мәўсиминде пуқаралар тәрепинен шериклик тийкарында 1400 ден аслам жойбар усыныс етилди, - дейди Азимжон Ҳасанов. - Белгиленген нормаларға муўапық деп табылған 221 жойбар таңлаў басқышынан табыслы өтти. Буннан соң бул жойбарлар ушын ҳәр бир мәҳәлле бойынша қаржыларды жыйнаў мақсетинде транзит есапбетлер ашылды ҳәм реквизитлери интакер пуқараларға SMS хабарнама арқалы жеткерилди. "Ашық бюджет" порталында шериклик жойбарлары бойынша бириктирилген транзит есапбетлер менен танысыў ҳәм бул есапбетлерге келип түсип атырған қаржыны реал ўақыт режиминде бақлаў имканияты да жаратылды. Мине, усы процесстен өткен 16 шериклик жойбары биринши мәўсимде жеңимпаз деп табылды. Оларды қаржыландырыў ушын пуқаралар тәрепинен жәми 3,3 миллиард сум жыйналды.

Мағлыўматларға бола, шериклик жойбарларының 4 ўи тәнеписке түскен мәҳәллелерге тийисли. Мәселе сонда, быйылғы мәўсимде қолланылған жаңа тәртиплерден және бири "Басламалы бюджет" шеңберинде избе-из еки мәўсимде жеңимпаз болған мәҳәллелер ушын гезектеги еки мәўсимде жойбар киргизиўди шеклеў, яғный тәнепис бериў әмелиятының енгизилгени болды. Соған муўапық, 2026-жыл биринши мәўсимде жойбар киргизиў имканияты шекленетуғын мәҳәллелер дизими қәлиплестирилип, тийисли платформаға жайластырылды. Бирақ кейин ала Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен бурынғысынан басқаша тәризде усы мәўсимде мәҳәллелери саны 15 ҳәм оннан аз болған район (қала) ларға тәнепис бериў әмелияты қолланылмайтуғыны мәлим етилди. Тәртипке бола, тәнеписке түскен мәҳәллелер жойбар киргизе алмайды, бирақ даўыс бериў процесинде толық қатнасыўы мүмкин. Бул мәҳәллелердиң халқы өзине жақын ҳәм қоңсы мәҳәллелерде алға қойылған жойбарларды қоллап-қуўатлап, олар ушын даўыс жыйнаў процесинде қатнасыўы ушын ҳеш қандай шеклеў орнатылмаған.

Сондай-ақ, айырым аймақларда жумысшы комиссиялар тәрепинен жойбарлар тийкарсыз бийкарланғаны ямаса нормаларға қайшы жойбарлар өткерилгени себепли даўыс бериў басқышы ўақтынша шекленген жағдайлар да бақланды. Бундай жағдайларда оператив илажлар көрилип, Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң талабы менен жумысшы комиссиялар тәрепинен қәте ҳәм кемшиликлер сапластырылды және жойбарлар белгиленген нормалар тийкарында қайта көрип шығылды. Буннан кейин шеклеў орнатылған аймақларда жойбарларға даўыс бериў басқышы избе-из толық тикленди.

Улыўма, ўатанласларымыздың "Басламалы бюджет"ке қызығыўшылығы артқан сайын оны халыққа және де жақынластырыў, имканиятларды арттырыў илажлары көрилмекте. Ашық-айдынлық мәселелерине де айрықша итибар қаратылмақта. Турақлы илажлар себепли жойбарда нызамсыз, мәжбүрий даўыс жыйнаў процеси кескин қысқарып атырған болса да, бул бағдардағы қадағалаў еле қатаң. Быйылғы мәўсимде де усындай жағдайлар бақланса, дәрҳал мүрәжат жоллаў ушын қысқа санлы исеним телефонлары иске түсирилди. Мәжбүрий даўыс жыйналған жойбарлар болса даўыс бериў басқышынан шетлетилгени бойынша ескертилди.

Сондай-ақ, усы мәўсимде биринши мәрте "Ашық бюджет" порталында жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын “AI Yordamchi” чат боты иске қосылды. Жаңа технология пуқаралардың мәмлекетлик бюджет ҳәм басламалы бюджетлестириў процеси бойынша қолайлы ҳәм оператив мәлимлеме алыўға мөлшерленген болып, "Басламалы бюджет"тиң биринши мәўсиминде оннан мыңлаған пуқара пайдаланғаны бақланды.

Жойбар сапасыз орынланса, не болады?

Өткен жылы мәҳәллесиндеги мектеп имаратын оңлаў басламасы менен қатнасқан бир танысым жойбары жеңимпаз болғанын қуўаныш пенен айтқан еди. Жақында сол мектеп имараты капитал оңланып, балалар қысты жыллы имаратта өткергени, заманагөй мектепте билим алып атырғанынан қуўанышлы екенин айтты. Енди нәўбет мәҳәлледеги жолларды асфальтлаўға жеткени, буның ушын да жойбарда белсене қатнасып атырғанын айтыўды да умытпады.

Бүгин "Басламалы бюджет"тиң халқымыз арасында ғалаба ен жайып, улыўма миллий ҳәрекетке айланғаны тек ғана адамлардың өзлери жойбарларды алға қойып атырғанында емес, ал нәтийжеси әмелде де көринбекте. Мәселен, жойбардың өткен жылғы екинши мәўсиминде жеңимпаз болған жойбарлар бойынша аймақларда жумыслар қызғын бармақта. Көпшилиги табыслы жуўмақланып, халыққа салтанатлы түрде тапсырылды. Атап айтқанда, Гүлистан районындағы 4-мектепте заманагөй спорт залы, Янгиҳаёт районындағы 51-МШБМда жазғы балалар майданшасы қурылды. Тайлақ районындағы Бағызаған ҳәм Нәўзәндек мәҳәллелериндеги ишки жоллар асфальтланды. Замин районындағы Пахтакор мәҳәллесинде де ишки жолларды асфальтлаў жумыслары басланған.

Ҳәр бир жойбардың сапалы орынланыўы да өз алдына қадағалаўда. Жуўапкерлердиң түсиндириўинше, Олий Мажлис Сенаты кеңесиниң тийисли қарарына бола, егер жеңимпаз жойбар пайдаланыўға тапсырылыўында интакер пуқара ҳәм мәҳәлле баслығы орынланған жумыслардан қанаатланбаса, объект пайдаланыўға қабыл етилмейди.

Қалаберди, интакерлер жойбардың орынланыўын бақлап барыўы, кемшилик ямаса нызам бузылыў жағдайлары анықланса, "Ашық бюджет" порталы арқалы "айрықша хабар" қалдырыўы мүмкин. Егер ҳақыйқаттан да нызам бузылыў жағдайы анықланса, белгиленген тәртипте шара көриледи. Себеби, "Басламалы бюджет" шеңберинде ажыратылып атырған қаржы мәмлекетлик бюджет есабынан қапланады ҳәм процесс тийисли уйымлар тәрепинен қадағаланады.

Ирода ТАШМАТОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы