Илаж алдынан ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында 1-класс
оқыўшылары ушын "Президент саўғалары"н жибериўге старт берилди.
Топламларды жеткерип бериў Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи
министрлиги жанындағы "Тәмийнат ҳәм логистика хызмети" кәрханасы
тәрепинен шөлкемлестирилди.
Ҳәр бир топламда балалардың биринши классқа оқыўы ушын зәрүр болған 12
атамадағы оқыў қураллары бар.
Пресс-тур шеңберинде Ташкент қаласы Чиланзар районындағы 202-санлы улыўма
билим бериў мектеби мысалында қатнасыўшыларға билимлендириў мәкемесиниң жаңа
оқыў жылына таярлығы, сондай-ақ, оқыўшыларды биринши классқа қабыллаў тәртиби
ҳаққында мағлыўмат берилди.
Атап
өтилгениндей, 2026-2027-оқыў жылында мәмлекетимиздеги 10 225 улыўма билим бериў
мектебинде 550 мыңнан аслам педагог 6,7 миллионнан аслам оқыўшыға тәлим-тәрбия
береди.
Жаңа оқыў жылында
795 мыңнан аслам баланы 1-классқа қабыллаў режелестирилген. Усы жылдың 5-август
жағдайына бола, 680 мың оқыўшы қабыл етилген болып, бул режедеги көрсеткиштиң
85 процентин қурамақта.
Биринши классқа
баратуғын ҳәр бир бала ушын "Президент саўғасы" шеңберинде 12 түрдеги
мектеп қураллары топламы таярланған болып, оған төмендегилер киреди:
мектеп рюкзаги;
12 бетли 12
дәптер;
ручка;
еки әпиўайы
қәлем;
12 түрли реңли
қәлемлер топламы;
реңли қағазлар
топламы;
пластилин;
сүўрет салыў
дәптери;
еки өширгиш;
12 акварель
бояўлар топламы;
желим;
пенал.
Ҳәзирги ўақытта министрлик
тәрепинен республикамыздың барлық аймақларындағы улыўма билим бериў
мектеплерине оқыў қураллары топламларын жеткерип бериў жумыслары басланған.
15-августқа шекем
барлық топламлар аймақларға жеткерилип, 25-августқа шекем оқыўшылар санына
қарап толық мектеплерге тапсырылады.
"Президент
саўғалары" биринши класс оқыўшыларына Биринши қоңыраў күнине бағышланған
илажлардан соң салтанатлы түрде тапсырылады. Буннан тысқары, топламлар мәмлекетлик
емес мектеплер, сондай-ақ, басқа министрликлер ҳәм уйымлар қарамағындағы
билимлендириў шөлкемлериниң оқыўшыларына да бериледи.
Ҳәр бир 1-класс
оқыўшысын саўға топламы менен тәмийинлеў мақсетинде министрлик тәрепинен adm.maktab.uz
электрон платформасынан пайдаланған ҳалда ҳәр бир билимлендириў мәкемеси
бойынша оқыўшылардың атамалар дизими қәлиплестирилди. Оларға мәмлекетлик емес
билимлендириў шөлкемлери ҳәм басқа да министрликлер ҳәм уйымларға қараслы
мәкемелерде билим алып атырған балалар да киргизилген.
Сондай-ақ,
пресс-тур даўамында 1-класс оқыўшылары ушын мөлшерленген сабақлықлар
топламларының презентациясы өткерилди. Қәнигелер ҒХҚ ўәкиллерине жаңа оқыў
қолланбаларының мазмуны, өзине тән өзгешеликлери ҳәм оқытыўға байланыслы
көзқараслар ҳаққында айтып берди.
Пресс-тур
өткерилген Ташкент қаласы Чиланзар районындағы 202-санлы улыўма билим бериў
мектебинде жаңа оқыў жылында 1 мың 260 тан аслам оқыўшы билим алыўы, соның
ишинде, 175 бала 1-классқа қабыл етилиўи режелестирилген.
Мектепте айрықша
билимлендириўге мүтәжлиги болған балалар ушын инклюзив класслар шөлкемлестирилген,
қолайлы билим алыў ушын тосқынлықсыз орталық тәмийинленген.
Ҳәзирги ўақытта
мектептиң инклюзив классларында 13 бала билим алмақта, олардан екеўи усы жылы
биринши классқа қабыл етилди.