Жаңа қаланың қурылысы ушын А-378 "Самарқанд – Ғузар" автомобиль жолы менен Шаҳрисабз қаласына алып баратуғын 4Р-79 автомобиль жолы арасындағы 5 мың 200 гектар майдан таңлап алынған. Бул жерлер пайдаланылмай атырған шөл ҳәм жайлаў жерлер болып, олардың бонитети төмен. Дәслепки бас реже 500 мың халыққа мөлшерленген.
Мәмлекетимиз басшысы жаңа қаланы ири орай сыпатында режелестириў, келешекте 1 миллион халыққа мөлшерленген, Қаршының заманагөй кеңейиўи болатуғынын атап өтти.
Ўәлаят ҳәкимлиги ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымларды бул жерге көшириў нәзерде тутылмақта. Бул жерде конгресс-холл, концерт заллары, мийманханалар қурылып, Самарқанд ҳәм Бухарадағыдай ири халықаралық әнжуманларды өткериў имканиятына ийе орай пайда болады.
Транспорт тармағы қаланың басқа аймақлар менен қолайлы тутасыўын тәмийинлеўи керек. Президент аэропорт ҳәм темир жол вокзалын жаңа қала менен байланыстыратуғын жәмийетлик электр транспортын, керек болса, жер үсти метросын иске қосыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Презентацияда Қаршы магистраль каналының бойындағы туризм комплексиниң жойбары да көрип шығылды. 3 километрлик аймақ жаратыў ушын 235 гектар жер ажыратылған. Жойбар төрт басқышта әмелге асырылады. Биринши басқышта 30 гектар майданда өнерментлер қалашасы ҳәм туризм зонасын қурыў режелестирилген.
Комплекс қурамында мийманханалар, ресторан ҳәм саўда дүканлары, музей, аквапарк, балалар ойын майданшаларын қурыў, адамлар қайыққа минип жүриўи мүмкин болған жасалма көл шөлкемлестириў режелестирилген.
Президентимиз жетекши сырт ел жойбарлаў ҳәм архитектура компанияларын тартқан ҳалда, қәўипсизлик, қолайлық, арзанлық ҳәм "ақыллы қала" принциплерин тийкар етип, жаңа қаланың бас режеси ҳәм туризм комплексиниң мастер режесин пуқта ислеп шығыў бойынша тапсырма берди.