Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы тәрепинен есапланған
Исбилерменлик белсендилиги индекси (ИБИ) 2026-жылдың август айында 990 пунктти
қурап, өткен айға салыстырғанда 1,0 процентке төменледи. Онда өткен жылдың
сәйкес дәўирине салыстырғанда 29 процентке өсиў бақланған.
Усы жылдың август айында ИБИ қурамлық бөлимлери бойынша төмендеги
өзгерислер бақланды:
хожалық жүргизиўши субъектлердиң банк есап бетлериндеги операциялар саны
бойынша компонент 6,2 процентке азайған;
товар-шийки зат биржасында шийки зат сатып алыў интенсивлиги 2,7
процентке артты;
ислеп турған хожалық жүргизиўши субъектлер бойынша компонент 2,3
процентке өскен;
товар белгилери бойынша компонент 12,5 процентке азайған.
Буннан тысқары, 6
аймақта ИБИ өткен айға
салыстырғанда өсиўи атап өтилди. Сырдәрья ўәлаяты (37,9 процент),
Қарақалпақстан Республикасы (36,6 процент), Ташкент қаласы (7,6 процент),
Жиззақ (7,2 процент), Наўайы (4,5 процент) ҳәм Хорезм (2,9 процент)
ўәлаятларында сезилерли өсиў бақланды.
Қалған 8 аймақта
бул көрсеткиш төменлеген. Ең көп азайыў Бухара (-19,5 процент), Сурхандәрья
(-18,6 процент), Қашқадәрья (-16,3 процент), Наманган (-11,4 процент) ҳәм
Ферғана (-10,7 процент) ўәлаятларында бақланған.
Банклер аралық
төлем операциялары
Есабат дәўиринде
банклераралық төлем операцияларының саны 7 185,9 мыңды қурап, 2026-жылдың июль
айына салыстырғанда 474,9 мың транзакцияға ямаса 6,2 процентке азайған. Өткен
жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда өсиў 18,9 процентти қураған.
Барлық 14 аймақта
банклераралық төлем операцияларының саны азайған. Атап айтқанда, юридикалық
шахслар арасындағы банк операциялары санының өткен айға салыстырғанда
Қарақалпақстан (25,3%), Сырдәрья (24,4%), Жиззақ (21,8%) ҳәм Наманган (20,2%)
ўәлаятларында сезилерли азайыўы бақланды.
Бундай азайыў
Орайлық банктиң банклераралық электрон төлем системасы арқалы өткерилген төлем
ҳүжжетлериниң улыўма саны азайғаны менен түсиндириледи. 2026-жылдың июль айына
салыстырғанда мемориал ордерлер саны 9,6 процентке ямаса 234,1 мыңға, төлем
тапсырмалары 3,5 процентке ямаса 167,6 мыңға, төлем талаплары 9,8 процентке
ямаса 1,9 мыңға, инкасса тапсырмалары 18,0 процентке ямаса 71,3 мыңға азайған.
Биржа компоненти
ИБИниң биржа
компоненти 1,0267 ди қурап, өткен айға салыстырғанда 2,7 процентке артты. Онда,
бир келисим шеңберинде сатып алынған товарлардың орташа көлеми 21,1 процентке
өскен, дүзилген келисимлер саны болса 15,8 процентке азайған.
Республикалық
товар-шийки зат биржасында 2026-жылдың август айында 34 тийкарғы түрдеги
товарлар бойынша саўдалардың улыўма баҳасы 9 138 млрд. сумды қурап, өткен айға
салыстырғанда 6 процентке азайған.
Биржа
активлигиниң тийкарғы факторлары алдынғы айға салыстырғанда саўда көлеминиң
артыўы болды:
аралас жем менен
- 11,4 есе;
көмир менен - 7,6
есе;
АИ-91 бензини
менен - 49% ке;
полипропилен
менен - 34% ке;
пахта шроты менен
- 31% ке;
техникалық
туқымлар - 21 процентке.
Ислеп турған
хожалық жүргизиўши субъектлер
Есабат дәўиринде
жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлердиң қурамлық бөлеги 1 мың
231 ди қурап, өткен айға салыстырғанда 2,3 процентке артқан.
Бунда:
жумыс алып барып
атырған хожалық жүргизиўши субъектлердиң улыўма саны 11 мың 620 ға көбейип,
547,6 мыңға жетти;
ири кәрханалар
саны 143 ке артып, 4 802 ти қурады;
киши
кәрханалардың саны 10,9 мыңға көбейип, 451,9 мыңға жетти;
фермер
хожалықларының саны 575 ке көбейип, 90,9 мыңды қурады.
Товар белгилери
Товар белгилери
бойынша компонент 0,8746 ти қурап, алдынғы айға салыстырғанда 12,5 процентке
азайған.
Усы дәўирде
юридикалық тәреплер тәрепинен 488 товар белгилери ҳәм товар атамалары дизимнен
өткерилген.