“Oilprice.com” мағлыўматларына бола, 22-октябрьде “Brent” нефтиниң бир баррели 110,50 долларға жетти. Баҳа 1,68 долларға ямаса 1,54 процентке артты.

“WTI” нефтиниң баҳасы да бир баррель ушын 98,41 долларды қурап, 1,30 процентке қымбатлаған, деп хабар берди “Kazinform”.

“Urals” нефти болса, керисинше, 0,84 долларға ямаса 0,80 процентке арзанлап, бир баррели 104,76 долларға түсти.

Персия қолтығы регионындағы келиспеўшиликтиң күшейиўи нефть жеткерип бериў менен байланыслы қәўиплерди арттырмақта.