Ташкент халықаралық аэропортында футболшыларды мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, Өзбекстан футбол ассоциациясы басшылары, спорт ветеранлары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери, көплеген ықласбентлер салтанатлы күтип алды. Миллий сайланды командамызды қоллап-қуўатлаў ушын мәмлекетлик байрақ ҳәм плакатлар менен келген команда ықласбентлери футболшыларға қызғын ҳүрмет ҳәм миннетдаршылық билдирди.

Мәресимде шығып сөйлеген Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов Президентимиздиң басламасы менен спортты, соның ишинде, футболды раўажландырыўға қаратылған кең көлемли реформалар избе-из әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан миллий сайланды командасының тарийхта биринши мәрте жәҳән чемпионатының финал басқышына шығыўы ҳәм бул абырайлы турнирде қатнасыўы мәмлекетимиз спорты тарийхындағы ең әҳмийетли ўақыялардан бири болды. Бул нәтийже миллий футболымыздың раўажланыўы, балалар ҳәм жас өспиримлер футболына итибардың артыўы, тренер ҳәм футболшылардың көп жыллық мийнетиниң нәтийжеси сыпатында баҳаланды.

Шығып сөйлегенлер жәҳән чемпионатында топарда соңғы орынды ийелегенине қарамастан, дүньяның ең күшли командаларына қарсы өткерилген ойынлар өзбекстанлы футболшылар ушын үлкен тәжирийбе болғанын атап өтти. Турнирде қатнасыў миллий командамыздың халықаралық майдандағы бәсекиге шыдамлылығын және де арттырыў, футболшылардың шеберлигин ҳәм руўхый таярлығын жетилистириўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Өз гезегинде, ФИФА тәрепинен 2026-жылғы жәҳән чемпионатының топар басқышында ең гөззал деп табылған голға ерискен миллий сайланды командамыз сәрдары Элдор Шомуродов барлық ўатанласларымызға қоллап-қуўатлағаны ҳәм исеними ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

- Ҳәр бир ойында елимиздиң абырайын мүнәсип қорғаўға ҳәрекет еттик. Биз жақсы түсинемиз, нәтийже жанкүйерлеримиз күткениндей болмады ҳәм бул ушын кеширим сораймыз. Соның менен бирге, жәҳән чемпионатында қатнасыў биз ушын үлкен тәжирийбе болды. Биз жол қойған қәтелеримизден жуўмақ шығарып, келешекте және де күшли команда болып майданға қайтыў ушын ҳәрекет етемиз, - деди сайланды команда сәрдары.

Илаж соңында көркем өнер шеберлериниң қатнасыўында концерт бағдарламасы қойып берилди. Ўатансүйиўшилик руўхындағы қосық-намалар, музыкалық шығыўлар салтанатлы ҳәм байрам кейпиятын жаратты.