30-июнь - Жаслар күни мүнәсибети менен Ташкент қаласында усы сыйлықларды
тапсырыў мәресими болды.
Мәмлекетимиз басшысы елимиздеги ҳәр бир жас үлкен потенциал, талант ҳәм
қәбилетке ийе екенин атап өтти.
- Сизлер өзлериниң уллы ойлап табыўлары менен дүнья цивилизациясына үлкен
үлес қосқан, Биринши ҳәм Екинши Ренессанс гүллерине айланған уллы
ата-бабаларымыздың мүнәсип мийрасхорларысыз. Әлбетте, мийрасхор болыў - бул тек
ғана мақтаныш емес, ал үлкен жуўапкершилик!
Ата-бабаларымыз
улыўма инсаният раўажланыўы жолында қандай уллы ислерди әмелге асырған болса,
сизлер де Жаңа Өзбекстанда жаңа ояныў дәўири - Үшинши Ренессансқа тийкар
жарататуғын күш болыўыңыз керек! - деди мәмлекетимиз басшысы.
Буннан соң
Президент Шавкат Мирзиёев жасларға мәмлекетлик сыйлықларды тапсырды.
- Бүгинги
мәмлекетлик сыйлық ийелерин пүткил халқымыз атынан және бир мәрте қутлықлайман.
Бул жоқары итибар сизлерди жаңа шеклерге илҳамландырсын! Қатарларыңыз барған
сайын кеңейип барсын! - деди Өзбекстан жетекшиси.
Мәмлекетлик
сыйлықлар менен сыйлықланған жаслар мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған
имканиятлар ушын миннетдаршылық билдирип, буннан былай да өз билими, мийнети
ҳәм басламалары менен Ўатанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўға таяр
екенлигин атап өтти.