Ҳәр жылы июнь айында белгиленетуғын Пүткил жер жүзилик қоршаған орталықты қорғаў күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң экологиялық қәўип-қәтерлер ҳаққында хабардарлықты арттырыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша әмелий ҳәрекетлерди хошаметлеў ушын жетекши глобал платформа есапланады.

Бул халықаралық сәне 1972-жылы Стокгольмда болып өткен БМШтың қоршаған орталық машқалалары бойынша конференциясының жуўмақлары бойынша шөлкемлестирилген ҳәм биринши мәрте 1973-жылы белгиленген. Бүгинги күнде Дүнья жүзилик қоршаған орталықты қорғаў күни ҳүкиметлер, халықаралық шөлкемлер, пуқаралық жәмийети, жеке меншик сектор ҳәм жергиликли жәмийетшиликти қоршаған орталықты қорғаў мәселеси әтирапында бирлестиреди.

Айдаркөл Өзбекстанның сийрек ушырасатуғын тәбийий аймақларынан бири. Оның сулыў ландшафтлары, суў ресурслары ҳәм қоршаған экосистемалары халықтың дем алыўы, ишки туризм ҳәм экотуризмди раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Соның менен бирге, келиўшилер тәрепинен таслап кетилип атырған пластик ыдыслар, пакетлер, азық-аўқат өнимлериниң қадақлаўы ҳәм басқа да турмыслық шығындылар аймақтың экологиялық жағдайына унамсыз тәсир етпекте. Шығындыларды надурыс утилизациялаў топырақ ҳәм суўдың патасланыўына алып келиўи, аймақтың тәбийғый ҳәм туристлик тартымлылығын төменлетиўи, қуслар ҳәм басқа да жабайы тәбият ўәкиллериниң жасаў орынларына зыян жеткериўи мүмкин.

Экологиялық акция даўамында FAO хызметкерлери Айдаркөлдиң рекреациялық зоналарын пластикалық ҳәм басқа да турмыслық шығындылардан тазалады. Онда қоршаған орталыққа жуўапкершилик пенен қараў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, күнделикли турмыста экологиялық мәдениятты беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

- Дүнья жүзилик қоршаған орталықты қорғаў күни тәбиятты қорғаў кең көлемли басламалар менен шекленип қалмай, ҳәр биримиз ҳәр күни қабыл ететуғын жуўапкершиликли қарарлар менен басланатуғынын еслетип турады. Айдаркөл сыяқлы сийрек ушырасатуғын тәбийғый аймақлардың тазалығын сақлаў бәршемиздиң ўазыйпамыз болып есапланады. Өзинен кейин шығынды қалдырмай ҳәм тәбиятқа абайлылық пенен қатнаса, ҳәр бир келиўши бул бийбаҳа орынларды келешек әўладлар ушын сақлап қалыўға үлес қосыўы мүмкин, - деди FAOның Өзбекстандағы Ўәкилиниң орынбасары Шерзод Умаров.

Өткерилген акция FAOның тәбийғый ресурсларды турақлы басқарыў, экосистемаларды қорғаў, биокөптүрлиликти сақлаў ҳәм экологиялық жуўапкершиликти арттырыў тараўындағы тийкарғы бағдарларына сәйкес келеди.

FAO елимиз халқын, туристлерди ҳәм барлық келиўшилерди Айдаркөлде ҳәм Өзбекстанның басқа да тәбийғый аймақларында тазалыққа әмел етиўге, шығындылар қалдырмаўға ҳәм шығындыларды тек ғана арнаўлы орынларға таслаўға шақырады.

Тәбийий аймақларды сақлап қалыў улыўма жуўапкершилик болып табылады. Бүгин биз пайдаланып атырған орынларды келешек әўладлар ушын таза, саламат ҳәм турақлы етип сақлаў керек.