Буннан сәл алдын ярым финалда үшинши боксшимиз Жаҳонгир Зокиров (+90 кг) жәҳән чемпионатларының еки мәрте сыйлы орын ийеси армениялы Давит Чалоянга қарсы кескин беллесиўлерде 2:3 есабында жеңилиске ушырағаны мәлим болды. Жиззақлы 22 жаслы спортшы жәҳән кубоги басқышының бронза медалын қолға киргизгени де жетискенлик, бирақ бул шек емес.

Финалда биринши болып рингке шыққан Фарзона Фозилова (-48 кг) қыйын беллесиўде мексикалы Фатима Эррерадан 4:1 есабында жеңилиске ериссе, екинши финалда Навбаҳор Ҳамидова (-65 кг) қазақстанлы Аида Абикееваны төрешилердиң бир даўыслы қарары менен жеңип шықты.

Дүньяның елиўге шамалас мәмлекетинен 400 ге шамалас спортшы қатнасқан жарыстың медаллар рейтингинде Бразилия 4 алтын ҳәм 5 гүмис медаль менен биринши, Қытай екинши (4-1-0) ҳәм Қазақстан үшинши (3-1-3) орынларды ийелеп, сайланды командамыз алтаўлықта (2-0-1) болды. Егер Бразилияға бары-жоғы төрт боксшы барғанын есапқа алсақ, бул оғада жақсы нәтийже. Қутлықлаймыз!

Бул ҳаққында Өзбекстан бокс федерациясының телеграм каналы хабар бермекте.

Демек, 15-20-июнь күнлери Қытайдың Гуйян қаласында бокс бойынша World Boxing жәҳән кубогиниң екинши басқышы болып өтеди. Асығыслық пенен күтемиз!