Жәҳән чемпионатының дебютант командаларынан бирине айланған Өзбекстан сайланды командасы үш жеңилиў менен топар басқышындағы қатнасыўын жуўмақлады. Бирақ, соңғы нәтийжелерге қарамастан, "ақ қасқырлар"дың шығыўында унамлы тәреплер де атап өтилди.

Соның ишинде, Аббосбек Файзуллаев Колумбияға қарсы ойында Өзбекстан сайланды командасының жәҳән чемпионатлары тарийхындағы дәслепки голын урып, жергиликли футбол тарийхына мәңгиликке киргизди. Сондай-ақ, Элдор Шомуродовтың Конго Демократиялық Республикасы сайланды командасы дәрўазасына нәтийжели соққысы “Hyundai” сыйлығы бойынша турнирдиң топар басқышындағы ең жақсы гол деп табылды.

Фабио Каннаваро шәкиртлери чемпионат даўамында техникалық шеберлик, тәртип-интизам ҳәм жоқары пидайылықты бирлестирген өзине тән усылын көрсетти. Кескин беллесиўлер командамыздың физикалық жағдайына тәсир көрсеткен болса да, жас футболшылар, соның ишинде, 18 жаслы Беҳруз Каримов жәҳән майданларында үлкен тәжирийбе арттырды.

ФИФАда атап өтилгениндей, жәҳән чемпионатында қатнасыў өзбек футболының және де раўажланыўы ушын әҳмийетли басқыш болды. Алынған тәжирийбе Өзбекстан сайланды командасына жаңа халықаралық қәўип-қәтерлерге таярлықты даўам еттириў ҳәм жәҳән футбол майданындағы орнын беккемлеў имканиятын береди.