Тренинг Миллий орай ҳәм БМШ Қашқынлар ислери бойынша жоқары комиссары басқармасының 2026-жылға мөлшерленген Биргеликтеги илажлар режеси шеңберинде өткерилди. Онда Ишки ислер министрлиги, Миллий орай ҳәм БМШ Қашқынлар ислери бойынша жоқары комиссары басқармасы хызметкерлери қатнасты.
Тренингте тийкарғы итибар пуқаралықсызлықтың алдын алыў ҳәм оны қысқартыў бойынша халықаралық стандартлар, соның ишинде, 1961-жылғы Пуқаралықсызлықты қысқартыў ҳаққындағы конвенцияда беккемленген ҳуқықый кепилликлер бойынша билимлерди тереңлестириўге қаратылды.
Тренингтиң ашылыўында Миллий орай 2021-жылдан берли БМШ Қашқынлар ислери бойынша жоқары комиссары басқармасы менен белсене бирге ислесип киятырғаны, усы дәўир ишинде пуқаралықсызлықты қысқартыў ҳәм оған шек қойыў мәселелери бойынша жәми 21 қоспа илаж шөлкемлестирилгени атап өтилди. Сондай-ақ, бүгинги тренинг өткен жылы ноябрь айында МКШ ҳәм юридикалық клиникалардың ўәкиллери, судьялар ҳәм ишки ислер уйымларының хызметкерлери ушын өткерилген бир қатар оқыў илажларының логикалық даўамы екени атап өтилди.
Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры А.Саидов пуқаралықсызлық машқаласын шешиў "Өзбекстан – 2030" стратегиясында беккемленген мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екени, 2020-жылы "Өзбекстан Республикасының пуқаралығы ҳаққында"ғы нызамның жаңа редакцияда қабыл етилиўи бул бағдарда шешиўши қәдем болғанын айрықша атап өтти.
Миллий орай директорының мағлыўматына бола, 1992-2016-жылларда Өзбекстан пуқаралығын 482 шахс алған болса, 2016-жылдан берли 91 мыңнан аслам адам пуқаралыққа қабыл етилген. Бул нәтийжелердиң артында, бәринен бурын, ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң орынлардағы машақатлы ҳәм жуўапкершиликли мийнети турғаны, Ишки ислер министрлиги пуқаралық мәселелерин шешиў бойынша мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда тийкарғы атқарыў буўыны есапланатуғыны атап өтилди.
Бағдарлама шеңберинде қатнасыўшылар:
- пуқаралығы болмаған шахслар, пуқаралықсызлық қәўпи астындағы шахслар ҳәм пуқаралығы анықланбаған шахслар түсиниклери, пуқаралықсызлықтың себеплери ҳәм ақыбетлери, пуқаралық ҳуқықына байланыслы инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық стандартлар ҳәм БМШ Қашқынлар ислери бойынша жоқары комиссары Басқармасының мандаты ҳәм роли;
- Пуқаралығы болмаған шахслардың статусы ҳаққындағы 1954-жылғы ҳәм Пуқаралықсызлықты қысқартыў ҳаққындағы 1961-жылғы конвенцияларға муўапық пуқаралығы болмаған шахслар санының алдын алыў ҳәм оны қысқартыўдың тийкарғы кепилликлери;
- Өзбекстанның пуқаралықсызлық машқаласын шешиў бойынша тәжирийбеси: пуқаралығы болмаған шахсларды карталастырыў, мағлыўматлар жыйнаў ҳәм статистика, нормативлик-ҳуқықый база ҳәм тәртип-қағыйдалар, тийкарғы жетискенликлер ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар;
- пуқаралығы болмаған шахс статусын белгилеў тәртиби: оның басқышлары, дәлиллердиң роли, процессуал кепилликлер ҳәм қарарларды қайта көрип шығыў механизмлери, Орайлық Азия ҳәм басқа да мәмлекетлердеги әмелият;
- Орайлық Азияда пуқаралықсызлықты сапластырыў ҳәм оның алдын алыў: жетискенликлер, сақланып қалып атырған машқалалар ҳәм имканиятлар, алдынғы регионаллық тәжирийбе, Пуқаралықсызлықты сапластырыў бойынша Глобаллық альянс ҳәм Ашхабад декларациясы мәселелери бойынша баянат ҳәм додалаўларда қатнасты.
Тренинг жуўмағында қатнасыўшылар тийкарғы жуўмақлар ҳәм нәтийжелерди додалады.
Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы
Миллий орайы баспасөз хызмети.