Сөйлесиўде тәреплер еки мәмлекет арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары барлық бағдарларда жедел раўажланып атырғанын атап өтти.
Министрлер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысып, тығыз бирге ислесиў ҳәм турақлы сөйлесиўди даўам еттириў әҳмийетли екенин атап өтти, деп хабар бермекте ӨзР СИМ баспасөз хызмети.