Болажақ сөйлесиўлер күн
тәртибинен Өзбекстан менен Ҳиндстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп
қырлы бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў
мәселелери орын алған.
Тийкарғы итибар системалы
сиясий сөйлесиў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў, саўда, энергетика,
химия, геология, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, аўыл хожалығы, машина
қурылысы ҳәм экономиканың басқа да тармақларында анық кооперация бағдарламалары
менен жойбарларын алға қойыўға қаратылады.
Халықаралық сиясат ҳәм
регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер, сондай-ақ, көп тәреплеме форматлар
шеңбериндеги бирге ислесиў бойынша пикир алысылады.
Ушырасыў жуўмағында еки
тәреплеме келисимлердиң салмақлы топламына қол қойылыўы нәзерде тутылмақта.