Илимпаз тәжирийбе шеңберинде "Дебрецен" университетиниң фармацевтика технологиялары, фармакология ҳәм фармацевтика химиясы кафедраларының қәнигелери менен биргеликте заманагөй физикалық-химиялық ҳәм биологиялық усыллардан пайдаланған ҳалда тәбийғый биоактив элементлер бойынша изертлеўлер алып барды.

Жумыстың тийкарғы бағдарларынан бири Биоорганикалық химия институтында ажыратылған қарақурт (Latrodectus mactans) зәҳәриниң токсинлери, сондай-ақ, Bufo viridis қурбақасының зәҳәринен алынған буфадиенолидлер ҳәм олардың жаңа туўындыларын үйрениў болды.

Заманагөй Thermo Fisher TSQ Fortis Plus масс-спектрометри жәрдеминде илимпазлар изертленип атырған бирикпелердиң анық молекуляр массаларын анықлады. Буннан тысқары, "Дебрецен" университетиниң фармацевтика химиясы кафедрасында профессор Анико Борбаш басшылығында ядролық магнит резонанс (¹H и ¹³C ЯМР) усылында изертлеўлер алып барылып, буфадиенолидлер ҳәм олардың туўындыларының химиялық дүзилисин тастыйықлаў имканияты жаратылды.

Алынған бирикпелердиң рак кеселлигине қарсы активлигин изертлеў айрықша әҳмийетке ийе болды. Фармакология кафедрасында өткерилген тәжирийбелерде аренобуфагин ҳәм оның туўындылары сүт бези раки MCF-7 клеткалық модельиде сынап көрилди.

Нәтийжелер айырым бирикпелер - Ar-004, Ar-008 и Ar-015 наномоллерде өлшенетуғын жүдә төмен концентрацияларда да рак клеткаларының өмир сүриў қәбилетин сезилерли дәрежеде төменлетиўге уқыплы екенлигин көрсетти.

Сондай-ақ, H9c2 жүрек клеткалары модельиндеги изертлеўлер аренобуфагинди химиялық модификациялаў арқалы оның рак кеселлигине қарсы тәсирин сақлап қалыў ҳәм соның менен бирге жүрек клеткаларына токсик тәсирин кемейттириў мүмкинлигин көрсетти. Бул бирикпелер тийкарында және де қәўипсиз дәри-дәрмақлар ислеп шығарыўдың перспективаларын ашады.

Нурхўжа Муҳамедов стажировка даўамында жаңа биологиялық актив затлардың тәсирин баҳалаўда фармакологиялық изертлеўлерде кеңнен қолланылатуғын жүрек перфузиясының заманагөй эксперименталлық модели - Лангендорф усылынан пайдаланыў имканиятларын үйренди.

Илимий стажировка Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылай жәрдеминде шөлкемлестирилди. Алынған нәтийжелер келешектеги изертлеўлер ҳәм онкологиялық кеселликлерге қарсы жаңа препаратлар ислеп шығыў ушын тийкар болыўы мүмкин.