Жаңа кәрхана жергиликли мийўе-овошларды терең қайта ислеп, жоқары қосымша қунлы өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм сыртқы базарларға шығарыў менен шуғылланады.
Баҳасы 8,5 миллион доллар болған бул кәрхана АҚШтың «Wosune International Inc» компаниясының инвестициясы есабынан шөлкемлестирилген. Бул жерде 150 турақлы жумыс орны жаратылған.
Кәрханада гешир, болгар бурышы, асқабақ, алма, көк пияз, шпинат ҳәм ҳәр қыйлы көк шөплер конвекциялық үскенелер жәрдеминде кептириледи. Бул технология өнимлердиң тәбийғый дәми ҳәм азықлық қәсийетлерин сақлап қалыў имканиятын береди. Өндирис процесслериниң 30 проценти роботластырылған.
Таяр өнимлер тез таярланатуғын өнимлер, дәм бериўши өнимлер, консерва ҳәм косметика ислеп шығарыўшыларға жеткерип бериледи. Өнимлер Россия, Европа ҳәм ҒМДА мәмлекетлерине экспорт етилмекте. Жыллық экспорт көлемин 40 миллион долларға жеткериў режелестирилген.
Шийки зат базасын кеңейтиў мақсетинде ўәлаяттағы фермер хожалықлары менен тиккелей бирге ислесиўди жолға қойыў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы кәрхананың өндирис процеси ҳәм өнимлерин көзден өткерди.