"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, усы күнлери
республика бойынша ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болыўы күтилмейди.
Арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында самалдың тезлиги 13-18 м/с
қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.
Ташкентте: ҳаўа алағат бултласқан, жаўын-шашын болмайды.
Ҳаўаның температурасы күндиз 38-39 дәреже, түнде 23-25 дәреже болыўы күтиледи.