Ош халықаралық аэропортында Өзбекстан самолётын салтанатлы түрде - дәстүрий суў аркасы менен күтип алды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Биринши рейс пенен Ташкенттен 98 жолаўшы жолға шыққан болса, Оштан Өзбекстан пайтахтына 141 жолаўшы жетип келди. Жолаўшылар арасында Өзбекстан ҳәм Қырғызстан пуқараларынан тысқары Түркия, Қытай ҳәм Қубла Кореядан келген туристлер де болып, бул жаңа жөнелистиң халықаралық туристлик тартымлылығын көрсетеди.
Рейслер заманагөй Airbus А320 самолётларында ҳәптесине еки мәрте - сәршемби ҳәм шемби күнлери әмелге асырылады. Жақын келешекте пәрўазлар санын ҳәптесине 4 мәртеге жеткериў режелестирилген.