Муҳаммаджон Машарипов дзюдо бойынша жаслар арасында жәҳән чемпионатының алтын медалын қолға киргизди
Спорт
20 ноя 2026, 09:03
679
Ташкентте өтип атырған дзюдо бойынша жаслар арасындағы жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы дәслепки медальды қолға киргизди. -60 кг салмақ категориясында Өзбекстан ўәкили Муҳаммаджон Машарипов Қытай, Монголия, Бразилия ҳәм Тәжикстанлы қарсыласларын жеңип шығып, жарыстың финалына шықты.
Шешиўши беллесиўде өзбекстанлы дзюдошы АҚШ ўәкили, ересеклер арасында
Гран-при сериясы турнириниң сыйлы орын ийеси Джонатан Янгқа қарсы гүрес алып
барды ҳәм жеңиске еристи.
Солай етип, Муҳаммаджон Машарипов жаслар арасында жәҳән чемпионы болды
ҳәм Өзбекстан сайланды командасына дәслепки алтын медальды алып келди.