Атап айтқанда, Сурхандәрья ўәлаяты Сурхан мәмлекетлик қорықханасында шөпжеўши ҳайўанлардың тәбийғый азықлық балансын сақлаў мақсетинде дуз төселди. Илажлар шеңберинде қорықхана аймағының түрли участкаларына 18 тоннадан аслам дуз тарқатылды. Қорықхана 7 бөлим ҳәм 10 айланба бағдардан ибарат болып, бул илажлар оның барлық аймағында басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.
Буннан тысқары, Жиззақ ўәлаяты Замин мәмлекетлик қорықханасы хызметкерлери тәрепинен жабайы ҳайўанлардың жасаў шараятын жақсылаўға қаратылған биотехникалық илажлар өткерилди. Көп қар жаўыўы себепли тәбийғый азықлықларды табыўда қыйыншылықлар жүзеге келгенлиги себепли алдыннан белгиленген азықлық пунктлерине қосымша азықлықлар алып келинип жайластырылды.
Сондай-ақ, биотехникалық илажлар Қарақалпақстан Республикасындағы "Сайгачий" комплексли (ландшафт) буйыртпа қорықханасы, Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты, Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларында жайласқан Қызылқум мәмлекетлик буйыртпа қорықханасында да әмелге асырылмақта. Қорғалатуғын аймақларда от-жем майданлары шөлкемлестирилип, оларға от-жем ҳәм дән салынады. Атап айтқанда, Төменги Әмиўдәрья резерватында Бухара кийиклерин қосымша азықландырыў жолға қойылды.
Мағлыўмат ушын, елимиздеги барлық қорғалатуғын тәбийғый аймақларда биотехникалық илажлар даўам еттирилмекте. Олар ҳайўанатлар дүньясын сақлап қалыў, биологиялық көп түрлиликти сақлаў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған.