Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиў ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын раўажландырыў, көп әсирлик дослық, стратегиялық шериклик ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиўдеги үлкен хызметлери, көп жыллық жемисли дөретиўшилик жумысы, мақам көркем өнерин раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, өзбек халқының бай мәдений ҳәм руўхый мийрасын дүнья жәмийетшилиги арасында үгит-нәсиятлаўдағы белсене қатнасыўы, сондай-ақ, улыўма қәдирият ҳәм дәстүрлерди қәстерлеп-сақлаў және байытыў бағдарындағы ибратлы жумысы ушын Тәжикстан Республикасы Соғд ўәлаяты "Нури ниёғон" шашмақом ансамблиниң басшысы Набиев Шуҳратжон Журабекович Өзбекстан Республикасының "Дўстлик" ордени менен сыйлықланады.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев