Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов басшылығындағы
ҳүкимет ўәкиллери, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң спорт
мәселелери бойынша ўәкили Одил Абдураҳмонов, Өзбекстан Республикасы Спорт
министрлиги, Миллий Олимпия комитети, Миллий Паралимпия комитети, Футбол
ассоциациясы басшылары ҳәм көплеген жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Мәресимде шығып
сөйлеген жуўапкерлер миллий сайланды командамыз тарийхта биринши мәрте жәҳән
чемпионатында қатнасып, Португалия, Колумбия ҳәм Конго ДР сыяқлы күшли
қарсыласларға мүнәсип гүрескенин, жәҳән чемпионатында арттырылған тәжирийбе
миллий футболымыздың келешектеги табыслары ушын беккем тийкар болатуғынын атап
өтти.
Сондай-ақ, илаж
мийманлары, мәденият хызметкерлери футболшыларға миннетдаршылық билдирип,
келеси жылы өткерилетуғын Азия кубогинде және де жоқары нәтийжелерге ерисиўин
тиледи.
Өз гезегинде,
сайланды команда сәрдары Элдор Шомуродов чемпионат даўамында футболшыларды
қоллап-қуўатлаған бәршеге пүткил команда атынан миннетдаршылық билдирип,
келешекте де жанкүйерлерди жарқын жеңислер менен қуўантыў ушын бар күш-ғайратын
жумсайтуғынын билдирди.