Шийшемби күни “Tez Jet” авиакомпаниясының самолёты Бишкектен Ошқа ушып баратырған ўақытта авариялық жағдайға түсип қалған, оның артқы шассиларынан бири бузылған, ҳаўа кемеси қапталға қулаған. Айрықша жағдай ақыбетинде Қырғызстан пайтахты "Манас" аэропортынан барлық рейслер тоқтатылды, деп хабар бермекте ria.ru.

"Жолаўшылардың барлығы эвакуация етилди. Онда майда-майда кесиклер, майда жарақатлар бар. Биринши қабатта Ош секторының ушып келиў зонасында ҳәзир медициналық хызметкерлеримиз биринши медициналық жәрдем көрсетпекте. Улыўма, аўыр жарақат алғанлар жоқ. Хызметлеримиздиң ҳәммеси ислемекте", - деди баспасөз хызмети ўәкили.