Әсиресе, оларды турақ жай менен тәмийинлеў жумыслары
да мине усы реформалардың әҳмийетли бөлеги болып есапланады.
Бозатаў районында социаллық қорғаўға мүтәж жасларды
қоллап-қуўатлаў бағдарындағы ийгиликли жумыслар турақлы даўам етпекте. Атап
айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтағы
ПҚ-5216-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде турақ жайға мүтәжлер
дизиминде турған Камила Отарбаеваға Бозатаў посёлкалық пуқаралар жыйыны
аймағында жайласқан барлық қолайлықларға ийе болған 2 ханалы турақ жай
тапсырылды.
Бул жаңа турақ жайды өз ийесине тапсырыў мәресиминде
район ҳәкими Б.Уббиниязов ҳәм районлық Ишки ислер бөлиминиң баслығы У.Курбанбаевалар
қатнасып, елимизде жасларды, әсиресе, ата-ана қарамағынан айырылған жасларды
ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири
екенин атап өтти. Сондай-ақ, жаслардың мүнәсип турмыс кешириўи ушын зәрүр
шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылып атырғанына тоқталды.
Жаңа турақ жай ийеси Камила Отарбаева өзине көрсетилип
атырған ғамқорлықлар ушын ҳүрметли Президентимиз ҳәм республика басшыларына шын
жүректен миннетдаршылық билдирди.
Өткерилген илажда қатнасыўшылар жаңа үйде жаратылған
шараятлар менен танысып, Камила Отарбаеваға қутлы болсын айтты.
Адилбай
Оразов,
Қарақалпақстан
хабар агентлиги шолыўшысы.