Мәмлекетимизде аймақларды заманагөй технологиялар тийкарында раўажландырыў, мәмлекетлик басқарыў ҳәм хызметлер көрсетиў системасын санластырыў, жасалма интеллект имканиятларын кеңнен иске қосыў илажлары избе-из әмелге асырылмақта.

Лабораторияда студентлердиң әмелий билим ҳәм көнликпелерин беккемлеў, жасалма интеллект технологияларын реал жойбарларда қолланыў, профессор-оқытыўшылардың илимий потенциалын арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратылған.

Оның қурамында таллаў, робототехника ҳәм бионика орайлары, стартап акселераторы, 9 смарт-аудитория, сондай-ақ, жасалма интеллект пенен ислесиў көнликпелерин үйретиў ушын 2 оқыў ханасы бар.

Бул орай жасалма интеллект, робототехника, "ақыллы" транспорт, экология ҳәм агротехнологиялар тараўларында инновациялық илимий-әмелий жойбарларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў менен шуғылланады.

Мәмлекетимиз басшысы бул тәжирийбени кеңейтип, әҳмийетли тараўларды раўажландырыўға жаслардың интеллектуаллық ҳәм илимий потенциалын және де кеңнен тартыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Президентимизге ўәлаят, қала ҳәм район ҳәкимликлеринде жумыс алып барып атырған жасалма интеллект бойынша мәсләҳәтшилер тәрепинен таярланған стартап жойбарлар да таныстырылды.

Мәмлекетимиз басшысы жаслар менен сәўбетлесип, олардың пикир-усынысларын тыңлады.