Ушырасыўда China Energy Engineering Corporation, China Datang, Sinoma Energy Conservation, China Southern Power Grid, CAMCE, CNNC, State Nuclear Uranium Resource Development, сондай-ақ, The Export-Import Bank of China ҳәм Bank of China басшылары қатнасты.
Энергетика ҳәм геология тараўларында өз-ара пайдалы жоқары технологиялық жойбарларды алға қойыў, сондай-ақ, банк-қаржы тараўында әмелий шерикликти кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда Өзбекстан - Қытай бирге ислесиўиниң жедел пәтин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Жыл басынан берли товар алмасыў көлеми 6 миллиард доллардан артты, Қытайдың 8 миллиард доллардан аслам тиккелей инвестициялары өзлестирилди. Елимизде 6 мыңға шамалас қоспа кәрхана табыслы жумыс алып бармақта.
"Жасыл" энергетика тараўындағы жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды. Қытайдың жоқарыда атап өтилген компанияларының қатнасыўында Өзбекстанда қуяш ҳәм самал электр станциялары, энергия сақлаў системаларының қурылысы әмелге асырылмақта.
Бул жойбарларды жеделлестириў ҳәм жаңа басламаларды, соның ишинде, фотоэлектр станцияларының қуўатлылықларын кеңейтиў, агроволтаиканы енгизиў, электр узатыў тармақларын қурыў режелери қоллап-қуўатланды.
Шығындыларды қайта ислеў тийкарында энергия ислеп шығарыў, заманагөй технологиялық шешимлерди раўажландырыў, соның ишинде, заманагөй дата-орайларды шөлкемлестириў тараўындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.
Таў-кән ҳәм геология тараўларындағы бирге ислесиў перспективалары бойынша пикир алысылды. Бул жерде кәнлерди биргеликте излеў ҳәм өзлестириў, әҳмийетли шийки зат жеткерип бериў тараўында узақ мүддетли шерикликти жолға қойыў ҳаққында сөз болмақта.
Сөйлесиўлердиң айрықша блоги Қытайдың ири банклери менен финанслық бирге ислесиўди кеңейтиўге бағышланды. Инфраструктура жойбарларын қаржыландырыў, ирригация системаларын модернизациялаў, тезжүрер автомобиль жоллары ҳәм гидроэлектр станцияларын қурыў, аўыл хожалығы техникаларын жеткерип бериў, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды.
Ушырасыў қатнасыўшылары мәмлекетимиз басшысына жедел сөйлесиў ушын миннетдаршылық билдирип, ерисилген келисимлерди сөзсиз әмелге асырыў бойынша умтылысларын тастыйықлады.