Бул ҳаққында Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы халықаралық әмелий семинарда усыныс еткен изертлеўинде мәлим етти.
Экономика ҳәм қаржы министрлигинде Өзбекстанның Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў нәтийжелерин баҳалаў ҳәм халықаралық тәжирийбени үйрениўге бағышланған семинар болып өтти. Онда "Турақлы агроазық-аўқат системаларын раўажландырыўдың узақ мүддетли сценарийлери" атамасындағы сессия шеңберинде изертлеў нәтийжелери таныстырылды.
Орайдың мағлыўматларына бола, мәмлекеттеги ыссыхана газлери улыўма шығындыларының 17,5 проценти аўыл хожалығының үлесине туўра келеди. Аграр сектор шығындыларының дерлик үштен еки бөлегин метан қурайды. Оның тийкарғы дәреги болса шарўашылық болып есапланады.
Изертлеўде 2017-2025-жыллары аўыл хожалығында әмелге асырылған реформалардың нәтийжелери де атап өтилген. Бул дәўирде дәнли егинлердиң өнимдарлығы 48 процентке, пахта шийки затының өнимдарлығы 71 процентке артқан. Суў алыў көлеми 22 процентке қысқарған, суўды үнемлейтуғын технологиялар қолланылып атырған майдан 2,6 миллион гектарға жеткен.
Соның менен бирге, суўғарыў суўының 37 проценти каналларда жоғалтылып атырғаны, суўғарылатуғын жерлердиң дерлик ярымы шорланғаны атап өтилген.
Орай экспертлери тәрепинен ислеп шығылған үш сценарий бар тенденцияларды сақлап қалыў, әмелдеги мәмлекетлик бағдарламаларды орынлаў және өнимдарлықты арттырыў ҳәм ыссыхана газлери шығындыларын қысқартыў бойынша қосымша илажларды енгизиўди нәзерде тутады.
Изертлеўге бола, шарўашылық өнимдарлығын арттырыў, төгинлерден ақылға уғрас пайдаланыў, жайлаўларды тиклеў ҳәм тоғай хожалығын раўажландырыў арқалы шығындыларды сезилерли дәрежеде азайтыў мүмкин.
Сондай-ақ, суў ресурсларын басқарыўды жетилистириў, азық-аўқат шығынларын қысқартыў ҳәм аўыл хожалығы жерлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша усыныслар алға қойылған.