Илаж Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ мәмлекетлик уйымларының ўәкиллери, сондай-ақ, жетекши компаниялардың қатнасыўындағы бизнес бағдарлама шеңберинде шөлкемлестирилген.

Сессияның әҳмийетли жаңалықларынан бири — Google Pay төлем хызметиниң Өзбекстанда иске қосылғаны болды. Бул ҳаққында Google Cloud компаниясының мәмлекетлик сиясат ҳәм мәмлекетлик шөлкемлер менен байланыслар бағдарының басшысы Марчин Красуски мәлим етти, деп хабар бермекте Санлы технологиялар министрлиги.

Google Pay пайдаланыўшыларға сәйкес қурылмалар арқалы санлы төлемлерди әмелге асырыў имканиятын бериўши хызмет есапланады.