Ушырасыўда Уллы Британияның жетекши компаниялары, банк ҳәм финанс институтлары, соның ишинде, UK Export Finance, Standard Chartered UK, Sturgeon Capital, Endeavour Mining ҳәм British Petroleum компанияларының басшылары қатнасты.
Саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм финанслық бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Еки тәреплеме бирге ислесиўдиң унамлы пәти атап өтилди: товар алмасыў ҳәм Уллы Британия капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың саны жедел артып бармақта.
Ташкент халықаралық финанс орайы, Халықаралық коммерциялық суд ҳәм капитал базарын раўажландырыў, фармацевтика, жасалма интеллект ҳәм энергетика тараўларында технологиялық шерикликти жолға қойыў бойынша усыныслар қоллап-қуўатланды.
Қаржы, инфраструктура, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик, "жасыл" энергетика, транспорт, геология ҳәм нефть-газ тармақларында, соның ишинде, социаллық инфраструктураны раўажландырыў ҳәм шығындыларды қайта ислеў бойынша қоспа жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.