Бул бағдарда Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳәм Малайзияның Penang Skills Development Centre (PSDC) орайы арасында бирге ислесиў орнатылды.

Бирге ислесиў шеңберинде министрлик жанындағы Қәнигеликти баҳалаў орайларында микроэлектроника, мехатроника ҳәм интеграл микросхемаларды жойбарлаў (IC Design) бағдарларына қәнигелескен оқыў-баҳалаў орайын шөлкемлестириў режелестирилген.

Жаңа орай пуқараларға заманагөй технологиялар бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерди ийелеў имканиятын береди. Билим алыў ушын "Кәсиплик ваучер" системасынан пайдаланыў мүмкин болады.

Мағлыўмат ушын: Penang Skills Development Centre 1989-жылы шөлкемлестирилген болып, электроника, микроэлектроника, ярымөткизгишлер ҳәм автоматластырыў тараўлары ушын қәнигелер таярлаўға қәнигелескен.

Орайдың санаат тараўындағы бирге ислесиўшилери қатарында Intel, AMD, Bosch, Renesas ҳәм OSRAM сыяқлы ири халықаралық компаниялар бар.