Ҳаўаның тийкарғы температурасы түнде +3...+8 дәреже, күндиз +15...+20 дәреже ыссы болады.
Арқа аймақларда түнде +2...+3, күндиз +12...+17 дәреже ыссы болады.
Самалдың бағыты шығыстан 7−12 м/с тезликте еседи, арқада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде 13−18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.
Ташкентте дем алыс күнлери жаўын-шашын болмайды. Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 3−8 м/с.
Ҳаўаның температурасы түнде +5...+7, күндиз +17...+19 дәреже болыўы күтиледи.