"Түркий әсир: тил, пикир ҳәм ис бирлиги" сүрени астында өткен илажда Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Әзербайжан Республикасы сыртқы ислер министри Жейҳун Байрамов ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев те қатнасты.
Саммит қатнасыўшылары әҳмийетли мәселелерди додалады ҳәм ағза мәмлекетлер арасындағы әмелий бирге ислесиўди және де тереңлестириў перспективаларын көрип шықты.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында Түркия Президентине уллы цивилизациялар кесилиспесинде жайласқан Анкара қаласында саммит жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын миннетдаршылық билдирди.
Сондай-ақ, илаж қарсаңында Бештепеде мәмлекетлеримиз миллий-мәдений комплексиниң ашылғаны түркий халықлардың улыўма мийрасын қәстерлеп сақлаўда әҳмийетли қәдем болғаны атап өтилди. Бул саўлатлы имарат түркий дүнья бирлигиниң айқын белгиси болатуғынына исеним билдирилди.
Президентимиз бүгинги күнде халықаралық қатнасықлар системасы түп-тийкарынан өзгерип, геосиясий бәсеки күшейип атырғанын атап өтти. Түркий дүньяны қоршап турған регионларда даўам етип атырған қураллы келиспеўшиликлер ҳәм қарама-қарсылықлар қәўипсизлик ҳәм раўажланыў перспективаларына өз тәсирин көрсетпекте.
Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы Түркий мәмлекетлер шөлкемин өз-ара исеним ҳәм әмелий шериклик майданы сыпатында және де бирлестириў зәрүр екенлигине итибар қаратты.
- Биз бул ийгиликли жолда биргемиз ҳәм түркий тилеклеслик ушын бар күшимизди жумсаўға таярмыз, – деди Өзбекстан Президенти.
Мәмлекетимиз басшысы түркий мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды.
Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша турақлы сиясий мәсләҳәтлесиўлер өткериў, көзқараслар ҳәм ҳәрекетлерди муўапықластырыў әҳмийетли екени атап өтилди. Усы мақсетте үшинши мәмлекетлер менен "Түркий мәмлекетлер шөлкеми плюс" форматындағы бирге ислесиўди тармақ министрлериниң ушырасыўларынан баслаў усыныс етилди.
- Бул сөйлесиўлер саўда, транспорт, инвестиция ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда анық қоспа жойбарларды әмелге асырыўға қаратылыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Сийрек ушырасатуғын минералларды қайта ислеў ҳәм "жасыл" энергетика үскенелерин ислеп шығарыўды локализациялаўды өз ишине алған 100 стратегиялық биргеликтеги инвестициялық ҳәм санаат жойбарларын қамтып алған "Түркий дүнья – 100" бағдарламасын қабыл етиў усыныс етилди. Онда бул жойбарларды әмелге асырыў ушын Түркий инвестиция қоры ҳәм халықаралық финанс институтларының ресурсларын тартыў үлкен әҳмийетке ийе болады.
Буннан тысқары, исбилерменлердиң мәплерин қорғаў мақсетинде "Исбилерменлик жумыслары бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем ҳаққында"ғы көп тәреплеме шәртнаманы ислеп шығыў, сондай-ақ, ҳуқықый жәрдем сораўлары ҳәм ҳүжжетлерди электрон алмасыўға мөлшерленген санлы платформаны жаратыў басламасы алға қойылды.
Глобал жеткерип бериў шынжырлары өзгерип атырған ҳәзирги шараятта түркий мәмлекетлердиң географиялық жайласыўы ҳәм транзит имканиятлары стратегиялық әҳмийетке ийе болып бармақта.
Орта коридорды бирден-бир экономикалық системаға айландырыў мақсетинде "Түркий мәмлекетлердиң логистика комплекслери тармағы"н жаратыў ҳәм оның биргеликте басқарылыўын тәмийинлеў усыныс етилди. Бул мәмлекетлеримиздиң халықаралық жүк тасыў ҳәм логистикадағы қатнасын кеңейтиў, экономикалық мәпдарлықты арттырыў имканиятын береди.
Туризм потенциалын кеңейтиў мақсетинде "Түркий туризм альянсы"н шөлкемлестириў, сондай-ақ, пуқаралардың өз-ара қатнаўларын әпиўайыластырыў ҳәм IД-карта арқалы барыў имканиятларын кеңейтиўди нәзерде тутатуғын көп тәреплеме келисим ислеп шығыў усыныс етилди.
Мәмлекетимизде шөлкемлестирилген сырт елли студентлер ушын "Жаңа Өзбекстан" стипендиясы бағдарламасы шеңберинде ҳәр жылы түркий мәмлекетлер ўәкиллерине билимлендириў грантларын ажыратыўға таярлық билдирилди.
Буннан тысқары, шөлкем шеңберинде 2027-жылды Тәбиятты қорғаў жылы, деп жәриялаў басламасы қоллап-қуўатланғаны ушын айрықша миннетдаршылық билдирилди. Өзбекстанның басламасы менен шөлкемлестирилген уллы ойшыл ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлық Қазақстанда хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, елши Дюсен Казеиновқа тапсырылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Пүткил өмирин түркий тилдиң раўажланыўына бағышлаған уллы Әлийшер Наўайы: "Өз тилин билмеген елдиң ҳүрметине ерисе алмайды", деп атап өткен. Бүгинги саммиттиң сүренинен келип шығып, барлық түркий халықлар ушын бирдей түсиникли болған улыўма түркий сөзлер сөзлигин жаратыўды усыныс етемен.
- Бүгинги Анкара саммити ийгиликли мақсетимизге ерисиў, тилеклеслик идеясын жүзеге шығарыў ҳәм кең көлемли режелерди әмелге асырыў жолында әҳмийетли қәдем болатуғынына исенемен. Себеби, арзыў-ниетлеримиз, умтылысларымыз уқсас. Бир болсақ – және де күшли боламыз. Егер аўызбиршиликли болсақ, ең жоқары шеклерге әлбетте жетемиз, - деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында.
Илаж даўамында шөлкемниң жаңа бас хаткери лаўазымына Өзбекстан ўәкили Мирвоҳид Азимовтың кандидатурасын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, гезектеги саммитти келеси жылы Өзбекстанда өткериўге келисип алынды.
Саммит жуўмағында Анқара декларациясы ҳәм Шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиўге қаратылған бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди.