Соңғы қоңыраў сести питкериўшилерди жаңа өмирге шақырады. Енди олардың алдында үлкен жол, үлкен арзыўлар ҳәм жоқары жуўапкершилик тур. Кимдур шыпакер, кимдур инженер, және кимдур муғаллим болыўды қәлейди. Үмит пенен қарап турған ата-аналар оларға күш береди. Перзентиниң ең жақсы кәсип ийеси болыўын, жәмийетте өз орнын табыўын ким қәлемейди, ақыры? Ҳәмме ең талантлы оқыўшының ата-анасы болыўды әрман етеди.

Соның ушын да "Соңғы қоңыраў" илажларында үлгили минез-қулқы ҳәм айрықша баҳалары менен өрнек болған қәбилетли оқыўшылар менен бир қатарда ата-аналарға да миннетдаршылық хатлары тапсырылады. Питкериўшилердиң кеўлинде болса күшли толқынланыў, түрли қыяллар айланып жүреди. Мектепти табыслы тамамлап атырған болса да, белсенди, жетекши жаслар да өзине тән толқынланыста.

Зулҳаё МИНГБОЕВА, Ҳалима Худойбердиева атындағы дөретиўшилик мектебиниң оқыўшысы, Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси:

 

Мектептен үлкен жетискенлик пенен кетип баратырман

— Усы күнлерде мектепке келетуғын болсам, ҳәммеси әдеттегидей болып көринеди. Сол таныс дәлизлер, класс бөлмеси, қоңыраў даўысы... Бирақ кеўлимде қандай да бир басқаша сезим бар. Себеби мен мектеп пенен хошласып атырған питкериўшимен. Бирақ мектептен үлкен бир табыс пенен кетип баратырман. Қолымда Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлық, жүрегимде болса шексиз толқынланыў ҳәм миннетдаршылық сезими. Бул сыйлық мен ушын тек ғана диплом ямаса жеңис емес. Мектебимиз оқыўшылары арасындағы биринши мәмлекетлик сыйлық болыўы менен де әҳмийетли. Келешекте қатарымыздың кеңейиўине исенемен. Мәмлекетимиз биз, жаслардың илим ийелеп, ең жоқары шеклерди ийелеўи ушын зәрүр шараятларды жаратып бермекте. Соның ушын да үлкен әўлад ўәкиллериниң көпшилиги бизиң орнымызда болыўды қәлейди. Олар бүгинги мектеплерге, ҳәзирги сыйлық ҳәм хошаметлерге жүдә ҳәўес етеди.

Бүгинги муғаллимлер де заман талапларына сай тәризде өз үстинде ислемекте. Устазларым билим берип ғана қоймастан, өзиме исеним де оятты. Ҳәр бир табысымда олардың үлеси бар. Олар арқалы бул мектеп маған сөзди, қосықты сүйгизе алды. Келешекте әдебияттың ўәкили болыўды қәлеймен ҳәм оның ушын тынымсыз ҳәрекет етемен. Себеби, қызлар да үлкен мақсетлерге ерисе алатуғынын, жәмийетте өз орнына ийе болатуғынын дәлиллеўди қәлеймен.

Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлық ийеси деген атаққа мүнәсип болыў ушын бул көбирек излениўим, билим алыўым ҳәм жәмийетке пайда келтиретуғын инсан болыўым керек. Себеби ҳақыйқый жетискенлик тек ғана сыйлық алыў емес, ал халықтың исенимине мүнәсип жасаў болып есапланады. Егер инсанда мақсет, мийнет ҳәм исеним болса, әлбетте, өз жолын табады. Бүгин жүрегимде тек ғана бир тилек бар: маған билдирилген исенимди ақлаў ҳәм Ўатанымның раўажланыўына мүнәсип үлес қоса алатуғын инсан болыў.

Акбар ДОСТОНОВ, Сариосиё районындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатының 11-класс питкериўшиси:

Табыс — күшли орталық жемиси

— - Ырасын айтсам, ҳәзир жүрегимде еки түрли сезим гүресип атыр. Бир тәрептен қуўанаман - алдымда жаңа өмир, жаңа арзыўлар, үлкен мақсетлер турыпты. Устазларымның жәрдеминде тынымсыз оқып излениўим нәтийжесинде АҚШ, Швейцария, Италия ҳәм Канада сыяқлы мәмлекетлердиң 32 жоқары оқыў орнына 2 миллион 165 мың долларлық грант утып алдым. Қәнигелестирилген мектеплердеги заманагөй шараятлар себепли көплеген жаслар мендей жетискенликлерге ерисип келмекте. Жаслардың халықаралық майдандағы бундай табысы жаңа Өзбекстан билимлендириў системасында жаратылып атырған имканиятлардың айқын нәтийжеси болып есапланады.

Екинши тәрептен болса мектеп пенен хошласыў да аўыр. Себеби бул жер мен ушын тек ғана билимлендириў дәргайы емес, ал өмиримниң ең гөззал демлери өткен теберик орын.

Ең әҳмийетлиси, устазларымнан миннетдарман. Олар бизге тек китаптағы билимлерди емес, ал турмысты да үйретти. Қыйын ўақытларда қоллап-қуўатлады, исенди, тәрбиялады. Бәлким, гейде олардың мийнетин толық қәдирлемеген шығармыз, бирақ устаздың мийнети теңсиз екенин мендей табысқа ерискен ҳәр бир оқыўшы терең аңлап жетеди.

Бүгин келешектен қорықпайман. Себеби мектеп маған билим алыў машақатларына көнликпе, күшли билим менен бирге исеним ҳәм кең таңлаў имканиятын да берди. Тек ғана мақсетлериме қарай умтылып қоймастан, ал мәмлекеттиң ең қәбилетли жаслары жәмленген, бәсекиге шыдамлы академиялық орталықта шынықтым. Қәнигелестирилген мектеп-интернатымызда 52 питкериўши билим алады ҳәм олардың ҳәр бири ҳақыйқый жетекши болып есапланады. 12 заманласым ең жоқары нәтийжени - 189 баллды көрсеткен. 15 и 170 тен жоқары баллға ийе. Қалған барлық оқыўшылардың болса кеминде 1 халықаралық ямаса миллий сертификаты бар. Мине усындай күшли илим майданында оқыў ҳәм олардың арасында жетекшилерден бири болыў мен ушын ҳәм мақтаныш, ҳәм үлкен хошамет болып табылады.

Өзим әрман еткен кәсип ийеси болып, билим берген устазларым ҳәм халқымыздың исенимин ақлаў ушын бар билимимди жумсайман. Өзим сыяқлы еркин турмыс босағасында турған барлық жасларға билим алыўда даўам етиўин, өз кәсибиниң ең шебери болыў ушын ҳәрекеттен тоқтамаўын тилеп қаламан. Себеби, бизди Ўатан күтпекте.

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы

Муножат МЎМИНОВА таярлады.