Бүгин бесинши Ташкент халықаралық инвестициялық форумында қатнасып атырған мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, абырайлы халықаралық финанс институтлары, ири компаниялар, қорлар ҳәм исбилермен топарлардың ўәкиллерин көрип турғанымнан оғада қуўанышлыман.

Сизлердиң қатнасыўыңыз халықаралық майданда Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына исеним барған сайын артып атырғанының және бир айқын дәлийли болып есапланады.

Бул форум шеңбериндеги биргеликтеги ҳәрекетлеримиз үлкен шеклерге ерисиў ушын беккем тийкар жаратпақта. Атап айтқанда, өткен жыллар даўамында елимизге 150 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициялары кирип келген болса, оның 123 миллиарды соңғы бес жылға туўра келеди.

Биз Өзбекстан менен бирге ислесиўден мәпдар, тең ҳуқықлы ҳәм өз-ара пайдалы шерикликке таяр инвесторлар ушын бәрқулла ашықпыз.

Быйылғы форумда дүньяның 100 мәмлекетинен 4 мыңға шамалас сырт елли мийманлар қатнасып атырғаны да оның абырайы күн сайын артып атырғанын айқын тастыйықлайды.

Пурсаттан пайдаланып, илажымызда қатнасып атырған Албания Республикасы Президенти Уллы Мәртебели Байрам Бегайға, Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығы Уллы Мәртебели Михаил Мишустинге, Беларусь Республикасы Бас министри Уллы Мәртебели Александр Турчинге, Әзербайжан Республикасы Бас министри Уллы Мәртебели Али Асадовқа, Қазақстан Республикасы Бас министри Уллы Мәртебели Олжас Бектеновқа, Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети Баслығы - Президент Администрациясы басшысы Уллы Мәртебели Адилбек Қасималиевқа, Тәжикстан Республикасы Бас министри Уллы Мәртебели Қоҳир Расулзодаға айрықша миннетдаршылық билдиремен.

Жедел реформаларымызды әмелге асырыўда тығыз бирге ислесип атырғаны ушын Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Жаңа раўажланыў банки, Жәҳән банки, Халықаралық финанс корпорациясы, Азия раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, Европа инвестициялық банки, сондай-ақ, бир қатар сырт ел банклери, компаниялары ҳәм финанс шөлкемлериниң ўәкиллерине шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Жаңа Өзбекстанға хош келдиңиз, әзиз дослар!

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Жәҳән экономикасы ҳәм глобал капитал бөлистириў картасы жеделлик пенен өзгерип, саўда қарама-қарсылықлары күшейип атырған ҳәзирги шараятта ҳәр қандай инвестор исбилерменлердиң ҳуқықлары менен еркинликлери исенимли қорғалған, экономикасы жедел пәтлер менен өсип атырған, кең имканиятлар жаратылған мәмлекетлерге инвестиция киргизиўге умтылыўы тәбийғый.

Соның ушын да биз Жаңа Өзбекстанда инвестициялық орталықты түп-тийкарынан жақсылаў бойынша системалы илажларды әмелге асырмақтамыз.

Өткен жылы жалпы ишки өнимимиз 7,7 процентке өсип, экономикаға 43 миллиард доллар инвестиция тартылды. Миллий валютаның турақлылығы тәмийинленип, халықаралық валюта резервлериниң көлеми 70 миллиард доллардан асты.

Көпшиликтиң есинде болса, буннан төрт жыл бурын өткерилген биринши форумда 2026-жылдың ақырына шекем Өзбекстанның жалпы ишки өнимин 100 миллиард долларға жеткериўди өз алдымызға мақсет етип қойған едик.

Быйыл жедел раўажланып атырған экономикамызда бул көрсеткиш 180 миллиард доллардан артыўы прогноз етилмекте!

Сондай-ақ, Өзбекстанның халықаралық кредит рейтинги жылдан-жылға жоқарылап бармақта. Усы жылы мәмлекетимиз абырайлы "Экономикалық еркинлик индекси"нде 14 текшеге көтерилди ҳәм биринши мәрте "үлкен болмаған еркин экономика"ға ийе мәмлекетлер қатарына кирди.

Булардың барлығы Өзбекстан экономикасы жаңа пәт ҳәм имканиятлар басқышына шығып атырғанының айқын мысалы болып есапланады.

Ҳүрметли дослар!

Бүгинги форумның "Инвестициялық турақлылық: жаңа шеклер ҳәм жаңа шериклик" темасында өткерилиўи де бийкарға емес. Алдымызда турған үлкен шеклерге тек ғана биргеликтеги ҳәрекетлер менен ерисе аламыз.

Көп қырлы бирге ислесиўимизди кеңейтиўдиң бир қатар тийкарғы бағдарларына тоқтап өтпекшимен.

Биринши бағдар - инвесторлар ушын ҳуқықый кепилликлер системасын буннан былай да күшейтиў.

Инвесторлардың ҳуқықларын тәмийинлеўде күшли институтлар ҳәм тән алынған халықаралық механизмлерден пайдаланыў шешиўши әҳмийетке ийе.

Усы мүнәсибет пенен биз март айынан баслап Ташкент халықаралық финанс орайын шөлкемлестириў жумысларын басладық. Оның жумысының ҳуқықый тийкарлары Конституциялық нызам менен беккемленеди.

Бул орайдың қатнасыўшылары ушын тартымлы салық системасы жаратылады - пайда, қосымша қун, мүлк салығы ҳәм бажыхана бажылары ноль процент болады. Капитал еркин ҳәрекети ҳәм есап-санақларды қәлеген валютада әмелге асырыў имканияты толық кепилленбекте. Финанслық технологиялар, санлы активлер ҳәм "жасыл" қаржыландырыў бойынша заманагөй система жаратылады.

Орай аймағында нормативлик ҳүжжетлерди қабыл етиў ўәкиллигине ийе болған бийғәрез финанслық регулятор да жумыс баслайды.

Дәслепки басқышта бундай жеңилликлердиң әмел етиў мүддети 50 жыл етип белгиленеди.

Орайда инглис ҳуқықына тийкарланған арнаўлы тәртип-қағыйдалар енгизиледи, ғәрезсиз Ташкент халықаралық коммерциялық суды шөлкемлестириледи. Оның жумысына абырайлы сырт ел судьялары ҳәм халықаралық экспертлер тартылады.

Соның менен бирге, инвестициялық медиация системасын да раўажландырамыз.

Бул бағдарда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Сингапур медиаторлық конвенциясына қосылыў нийетиндемиз.

Бул илажлардың нәтийжесинде инвесторлар тиккелей Өзбекстанның өзинде кепилликли халықаралық ҳуқықый қорғаўға ийе болады.

Бәршеңизди қәлиплесип атырған жаңа экосистеманың бундай шараятлары ҳәм имканиятларынан нәтийжели пайдаланыўға шақырамыз.

Екинши бағдар - капитал базарын раўажландырыў ҳәм альтернатив финанслық қураллар ушын кең имканиятлар ашыў.

Өзбекстан жаңа әўлад қаржы технологияларын ҳәм капитал базарларын жедел раўажландырмақта. Өткен дәўирде халықаралық базарларда 16 миллиард доллардан аслам облигацияларды жайластырдық. Миллий валютадағы корпоратив еврооблигациялар да айланысқа киргизилди.

13 стратегиялық кәрхананың активлерине ийе болған "Миллий инвестиция қоры"ның 30 процент акциялары биринши мәрте Ташкент ҳәм Лондон фонд биржаларына шығарылды. Итибарлы тәрепи, бул Лондон биржасында соңғы бес жылдағы ең ири IPO болды. Соның менен бирге, және бир қатар ири компанияларды IPOға таярлап атырмыз.

Бундай реформалардың ҳуқықый тийкарын беккемлеў мақсетинде "Капитал базары ҳаққында"ғы ҳәм "Альтернатив инвестиция фондлары ҳаққында"ғы нызамлар қабыл етиледи.

Сондай-ақ, халықаралық клиринг компанияларының Өзбекстандағы жумысы ушын кең имканиятлар ашамыз.

Буннан тысқары, инвестиция ағымларын диверсификациялаў мақсетинде суверен ислам облигациялары - сукук шығарыў бағдарламасын әмелге асырыўды баслаймыз. Бул келешекте кәрханаларымызға кеминде 10 миллиард доллар муғдарында қосымша инвестицияларды тартыўға күшли түртки береди.

Сондай-ақ, усы жылы меншиклестириў шеңберинде баҳасы 6 миллиард долларлық көшпес мүлк объектлери, кәрханалардағы мәмлекетлик үлеслер ҳәм жер участкалары аукционға шығарылады.

Жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларын бул жаңа имканиятлардан кеңнен пайдаланыўға шақырамыз.

Үшинши бағдар - жоқары қосымша қун шынжырларын кеңейтиўге инвестициялар тартыў.

Биз санааттың барлық тармақларында жаңа технологиялық басқышқа өтиў, қосымша қун жаратыў бойынша кең көлемли бағдарламаларды басладық.

Келеси бес жылда санаатта жоқары технологиялық өнимлердиң көлемин 2,5 есеге арттырамыз. Мәселен, 20 миллиард доллар муғдарында инвестициялық потенциалды иске қосыў, аймақларда 15 мың жоқары дәраматлы жумыс орнын жаратыў, 130 түрдеги жаңа өнимлер ислеп шығарыўға қаратылған алдынғы химия тармағын раўажландырыў бойынша бирге ислесиўимиз бизге де, инвестиция киргизген инвесторларға да пайда келтиреди, деп исенемен.

Хабарыңыз бар, Өзбекстан үлкен тәбийғый ресурслар - алтын, мыс, уран, вольфрам, газ ҳәм басқа да сийрек ушырасатуғын қазылма байлықларға ийе. Стратегиялық ресурс болған жер асты байлықларымыздың улыўма баҳасы 3 триллион долларды қурайды.

Сырт ел инвесторларына бул бағдарда имканият жаратыў мақсетинде геологиялық мағлыўматлардың ашық санлы базасын жаратамыз, аукционға шығарылатуғын кәнлердиң санын 4 есеге арттырамыз, "қазыўдан таяр өнимге шекем" принципи тийкарындағы жойбарларды әмелге асырыў ушын Ташкент ҳәм Самарқанд ўәлаятларында шөлкемлестирилетуғын "Келешек металлары" технопарклерине сырт ел инвестицияларын кеңнен тартамыз.

Сондай-ақ, машина қурылысы, робототехника, жеңил санаат, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, электротехника, фармацевтика сыяқлы драйвер тармақларда биргеликте 20 миллиард долларлық инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўды усыныс етемиз.

"Жаңа экономика" тармақларында да сизлердиң басламаларыңызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таярмыз.

Төртинши бағдар - "жасыл" энергетика ҳәм жасалма интеллект тараўындағы шерикликти және де тереңлестириў.

Биз "жасыл" энергетикаға үлкен итибар берип атырғанымыздан хабарыңыз бар. Жақын жылларда оның улыўма электр генерациясындағы үлесин 54 процентке жеткериўди режелестиргенбиз.

Инвесторлар ушын қуяш ҳәм самал электр станциялары менен бирге, энергияны сақлаў системаларын раўажландырыў, электр тармақларын модернизациялаў, "жасыл" энергия тийкарында ислейтуғын дата-орайларды шөлкемлестириў бойынша усыныслар билдиремиз.

Жасалма интеллект тараўын раўажландырыў - дәўирдиң әҳмийетли талабы. Сырт елли экспертлердиң болжаўларына бола, Өзбекстанда келеси бес жылда бул жаңа бағдарда кеминде 10 миллиард доллар муғдарында қосымша қун жаратылады.

Ең алдыңғы тәжирийбелер тийкарында жасалма интеллектти барлық тараўларға кеңнен енгизиў мақсетинде Миллий стратегия қабыл етилди. Оның шеңберинде "Бес миллион жетекши" бағдарламасы басланды.

Бизиң тийкарғы ўазыйпамыз - жасалма интеллект арқалы халықтың барлық қатламларының турмысын жақсылаў, билимлендириў, мәмлекетлик хызметлер ҳәм бизнес процесслеринде оннан кеңнен пайдаланыўдан ибарат.

Биз Қарақалпақстанда жасалма интеллект жойбарлары ҳәм дата-орайлар ушын арнаўлы аймақ шөлкемлестирдик. Бул аймақта 2040-жылға шекем инвесторлар барлық салық ҳәм бажылардан азат етиледи, жол, электр ҳәм суў инфраструктурасы мәмлекет есабынан қурылады, жеңиллетилген тариф белгиленеди.

электр энергиясы ушын 1 киловатт-саатқа 5 цент.

Сондай-ақ, арнаўлы ҳуқықый режим тийкарында жумыс алып баратуғын Өзбекстан халықаралық санлы технологиялар орайын шөлкемлестирмектемиз.

Пурсаттан пайдаланып, сизлерди жоқары тартымлы жойбарларды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўге мирәт етемиз.

Бесинши бағдар - регионаллық транспорт-логистика байланыслылығын раўажландырыў.

Ҳәммемизге белгили, инвесторлар ушын халықаралық базарларға шығыў үлкен әҳмийетке ийе.

Бүгинги форумда кең регионымыз мәмлекетлериниң ҳүкимет басшылары да қатнаспақта. Кейинги жылларда биз қоңсы мәмлекетлердиң жетекшилери менен биргеликте Орайлық Азияны өз-ара байланысқан ҳәм пүткил дүнья ушын ашық үлкен имканиятлар мәканына айландырмақтамыз.

Атап айтқанда, Қытай ҳәм Қырғызстан менен биргеликте "Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" стратегиялық темир жолын қурыў жумыслары жедел даўам еттирилмекте.

Соның менен бирге, қубла теңиз портларына тиккелей шығыў имканиятын беретуғын Трансаўған коридорын жаратыў жойбары үстинде жедел ислеп атырмыз.

Буннан тысқары, Каспий теңизи арқалы өтетуғын Орта коридор транспорт жолын раўажландырмақтамыз.

Бул жойбарларды толық әмелге асырыў арқалы Азия ҳәм Европаны байланыстыратуғын транспорт магистраллары тармағына қосылыў имканиятына ийе боламыз.

Транспорт-логистика бағдарында да мәмлекетимизде бир қатар мегажойбарларды әмелге асырыў басланды. Мәселен, саудиялы шериклеримиз бенен биргеликте жылына 20 миллион жолаўшыға хызмет көрсететуғын Ташкент халықаралық аэропортын қурмақтамыз.

Форум шеңберинде жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын автомобиль жоллары, көп функциялы логистика орайлары ҳәм "қурғақлық портлары"н қурыў бойынша презентация етилип атырған жойбарларда сизлердиң белсене қатнасыўыңыз өз-ара пайдалы болатуғынына исенемен.

Алтыншы бағдар - аймақларды раўажландырыў мақсетинде инвестициялық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў.

Өзбекстан халқы 40 миллионға шамаласады. Жедел демографиялық ҳәм экономикалық өсиў бизден урбанизация ҳәм қала қурылысы бойынша кең көлемли бағдарламаларды әмелге асырыўды талап етпекте. Олар шеңберинде 2040-жылға шекем қурылып атырған турақ жайлардың санын 2 есеге арттырыў, урбанизация дәрежесин ҳәзирги 51 проценттен 65 процентке жеткериўди режелестиргенбиз.

Узақ келешекти ойлап, жаңа инвестиция орайларын қурып атырмыз. Пайтахтымызға тутас аймақта 2 миллион халыққа мөлшерленген заманагөй мегаполис - Жаңа Ташкент қаласын қурмақтамыз. Сондай-ақ, Әндижан, Наманган ҳәм Самарқандты "миллионлы қалалар"ға айландырыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў басланды.

Улыўма, елимиздеги турақ жай қурылысы жойбарлары жылына кеминде 10 миллиард доллар муғдарында кепилликли базарды тәмийинлейди.

Буған қосымша түрде, сизлер менен биргеликте инфраструктураны жаратыў бойынша 27 миллиард долларлық мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыўға таярмыз.

Кейинги жылларда туризм ҳәм заманагөй агросанаат комплекси мәмлекетимиз аймақларын раўажландырыўдың драйверлерине айланып атырғанын атап өтиў керек. Атап айтқанда, өткен бес айда елимизге келген сырт елли туристлердиң саны 27 процентке өсип, 5,5 миллион адамды қурады.

Өзбекстан жылына 15-20 миллион сырт ел туристлерин қабыл етиў ҳәм оларға кеминде 15 миллиард долларлық туризм хызметлерин көрсетиў имканиятына ийе.

Соның ушын тек ғана Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа сыяқлы туризм дүрданаларына емес, ал басқа да аймақларымызға да туризм тараўына жедел инвестиция киргизесиз, деп үмит етемиз.

Соның менен бирге, дәстүрий аўыл хожалығын алдынғы агробизнеске айландырыў бойынша исенимли қәдемлер тасламақтамыз.

Бүгинги күнде Өзбекстан дүньяның 70 тен аслам мәмлекетине жылына 3,5 миллиард долларлық мийўе-овош өнимлерин экспорт етпекте ҳәм өзиниң "бренди"н жаратып алған.

Биз өнимдарлықты арттырыў ҳәм жаңа түрдеги органикалық өнимлердиң көлемин көбейтиў есабынан бул тараўдағы экспортты 10 миллиард долларға жеткериў нийетиндемиз.

Усы мүнәсибет пенен сиз, жетекши компаниялардың ўәкиллерине мүрәжат етпекшимен: бүгинги форумда барлық 14 аймағымыздың басшылары да қатнаспақта. Олар менен бирге ўәлаятларға барып, жаратылып атырған имканиятлар менен жақыннан танысың. Өз-ара пайдалы жойбарларда - бай тәжирийбеңиз, технология ҳәм капиталыңыз бенен белсене қатнасың. Бул процесслерде барлық ҳәкимлер сизлерге ҳәр тәреплеме жәрдем береди ҳәм қоллап-қуўатлайды.

Қәдирли мийманлар!

Азия раўажланыў банки ҳәм Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң басламасы менен Орайлық Азия ҳәм Кавказ мәмлекетлери инвестициялық кеңеслериниң регионаллық альянсын шөлкемлестириў ҳаққындағы қарар өз ўақтында қабыл етилген, деп есаплаймыз.

Базар қаншелли үлкен, қағыйдалар қаншелли үйлесикли болса, регион мәмлекетлерине инвестиция ағымы да соншелли көбееди.

Усы мәнисте, бул әҳмийетли баслама келешекте улыўма инвестициялық мәканды жаратыў жолындағы дәслепки қәдем болатуғынына исенемиз.

Ҳүрметли дослар!

Ертең Президент жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңесиниң инвесторлар менен турақлы институтционаллық сөйлесиў форматында өткерилетуғын жалпы мәжилисин өткеремиз.

Бир столда отырып, жүзеге келген ҳәр қандай машқаланың нәтийжели шешимин табамыз, анық ўазыйпаларды белгилеп аламыз. Себеби, биз ушын инвестиция тек ғана экономикалық ресурс емес, ал алдынғы технологиялар, заманагөй билим ҳәм тәжирийбе, жаңа жумыс орынлары, заманға сай раўажланыў болып есапланады.

Ҳәр қандай уллы арзыў-нийет ҳәм мақсетлерди әмелге асырыўда тийкарғы шериклер, әлбетте, жақсы нийетли инвесторлар болып есапланады. Соның ушын үлкемизге терең исеним ҳәм перспективалы идеялар менен кирип келген сырт елли исбилерменлер ушын Жаңа Өзбекстан есиклери бәрқулла ашық.

Мен жеке өзим Президент сыпатында, сондай-ақ, Ҳүкиметимиз сизлердиң жаныңызда, ийинлес болып жасаўға ҳәмийше таяр.

Ташкент инвестициялық форумының руўхы улыўма табысларымыздың символына айланады, деп исенемен.

Өзбекстанның гөззал тәбияты, уллы халқымыздың бийтәкирар мәденияты ҳәм миймандослығы болса дослығымызды беккемлеў ушын ең жақсы инвестиция болады.

Сөзимниң жуўмағында әнжуманымызда қатнасып атырған инвесторларға, сырт ел ҳүкиметлери, халықаралық шөлкемлер ҳәм дипломатиялық корпус ўәкиллерине және бир мәрте шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен.