Мәмлекетимиз басшысы "Прагматикалық сөйлесиў - турақлы келешекке қарай жол" сүрени астында өткерилетуғын 29-Петербург халықаралық экономикалық форумының жалпы мәжилисинде қатнасады ҳәм шығып сөйлейди.

Өзбекстан жетекшиси дүнья экономикасындағы жағдай, Өзбекстан - Россия экономикалық бирге ислесиўин раўажландырыў перспективалары бойынша өз көзқарасы менен бөлиседи, сондай-ақ, мәмлекетимизди раўажландырыўдың ҳәзирги әҳмийетли бағдарларын көрсетип өтеди.

Сапар бағдарламасында Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен ушырасыў өткериў, сондай-ақ, мәмлекетимизде биринши интеграцияласқан атом электр станциясының қурылысын баслаў мәресиминде қатнасыў нәзерде тутылған.