Таң азаннан ҳәўлиге суў сеўип, берекет кириўи ушын дәрўазаны ашып қоятуғын апаларымыздың пәтиясында бәрқулла бир жалыныш жаңлайды: Илайым, шаңарағымыз тыныш болсын, ҳеш ким кесел болмасын, балаларымыздың күни биреўге қалмасын. Әсирлер даўамында халқымыздың бар қуўанышы ҳәм жүрек түбине шөккен дәртлери әйне усы мәҳәлле топырағында, пәскелтек дийўаллар артындағы ҳәўлилерде кешкен. Инсан тәғдири ҳәм ел абаданлығы ҳаққында сөз болғанда, минберлердеги унамлы кейпияттағы есабатлар емес, әпиўайы адамлардың шаңарағындағы кейпият, дастурханындағы қут-берекет ең әҳмийетли өлшем болып шығады.

Келиң, жақын өтмиштеги көринислерди бир еске алайық. Қолтығына бир дәсте қағаз қыстырып район орайында кеңсеме кеңсе аралап жүрген әкелер, қайсы есикти қағыўды билмей күткен аналар келбети еле көпшиликтиң ядынан шыққан жоқ. Сол ўақытлары әпиўайы адамлар өз машқаласы менен жалғыз қалып, қандай да бир мағлыўматнама ямаса әпиўайы жәрдем излеп айлап жуўырыўға мәжбүр болатуғын еди. Ең ашынарлысы, мөр басылған қағазлар кеңседен кеңсеге көшетуғын, бирақ тийкарғы машқала шешилмейтуғын еди.

Тәжирийбели бағман теректиң жапырағы сарғайғанын көрсе, шақасына жасыл бояў жағып отырмайды, дәрриў астына суў қуяды, астын жумсартып, қуяш түсиўине жол ашады. Жәмийеттиң тийкарғы тамыры, мәмлекет деп аталатуғын шынардың тиришилик дәреги болса, сөзсиз, мәҳәлле болып есапланады. Себеби бир ғана шаңараққа ертеңги күнге исенимсизлик сая салса, мәмлекет көлеминдеги ең ири экономикалық санлар да сораў астында қалады. Соның ушын, жаңа дәўир реформаларының жүреги бүгин әйне мәҳәлледе урмақта.

Президентимиздиң "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў" жылында тийкарғы бағдарлар бойынша реформалар бағдарламалары ҳәм "Өзбекстан — 2030" стратегиясын әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманын оқып, оның тийкарында инсан қәдирин қағаздан реал турмысқа көширетуғын сиясий ерк-ықрар жәмленгенин сезесиз. Ҳүжжетте мәҳәллелердеги халықтың машқалаларын үйме-үй үйрениў ҳәм олардың мәмлекетлик уйымлар тәрепинен шешилиўин онлайн қадағалаў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында анық белгилеп берилген. Ҳақыйқатында да, адамлардың машқалалары менен үйме-үй ислесиў механизми жыллар даўамында өзин ақлап келмекте.

Келиң, рәсмий тилде билдирилген бул ўазыйпаның артында қандай тири тәғдирлер, қандай адамгершилик кеширмелер жатырғанын бир көз алдымызға келтирейик. Айтайық, шетки аўылдағы әпиўайы үйде жасайтуғын Гүлмира апа өмирлик жолдасынан ерте айырылып, үш перзентин жалғыз аяққа турғызыўға ҳәрекет ететуғын еди. Өзи қолы гүл шебер болса да, заманагөй тигиў машинасын алыўға қолы жетпейтуғын еди, бирақ өзбекшил әндийше ҳәм мақтаныш себепли мәҳәлле басқармасына барып өтиниш етиўге тартынатуғын еди. Халқымыз тәбиятында мине усындай үнсиз қәсийет бар: ҳәр дайым дәртин дастурхан қыла бермейди, бирақ мийримли қолларды иш-ишинен күтип жасайды.

Жаңа системаның инсаныйлық мәниси сонда, енди мәмлекет пуқараның уйымға өтиниш етип келиўин күтпей атыр — сол тартыншақ, тәшўишин ишине жутқанлардың шаңарағына өзи кирип бармақта. "Мәҳәлле жетилиги" анық реже тийкарында ҳәр бир шаңарақтың шараятын бирме-бир үйрениў тәртибине өткени Гүлмира апаға уқсаған мыңлаған ўатанласларымыздың айтылмаған дәртлерин жүзеге шығарды. "Жетилик" ўәкиллери бүгин шаңарақлардың есигин есап жыйнап жүретуғын тексериўши көринисинде емес, шаңарақтың жақын сырласы, аўырын жеңил ететуғын ҳақыйқый сүйениш сыпатында қағып атыр.

"Жетилик" ўәкиллери кирип келгенде, үй ийесиниң кеўлинде мәмлекетимиз тәғдиримизге бийпәрўа емес екен, деген исеним оянады. Сәўбетлесиў ўақтында анықланған ҳәр бир мәселе – бәнтлик ямаса денсаўлық, қыйтақ жерди суўғарыў тәшўиши ме, дәптерге жазылғаны сыяқлы умытылып кетпей атыр. Үйренилген машқалалар сол жердиң өзинде "Санлы мәҳәлле" электрон платформасына киргизилип, мәселе нызамлы ҳәм системалы шешимге жолламақта.

Бурын төменги буўында қандай да бир машқала дәптерге түсирилсе, стол үстинде сарғайып жатыўы, ал гейде таныс-билислик ямаса бийпәрўалық себепли пүткиллей итибардан шетте қалыўы ҳеш гәп емес еди. Инсан факторы үстин болған жерде гейде субъектив қатнаслар, дәслеп өзиме жақын адамымның жумысын питкерейин, деген майда мәплер ушырасып турғаны да, ашшы болса да, ҳақыйқат еди. Енди "Санлы мәҳәлле" платформасына киргизилген мағлыўмат ҳеш кимниң кейпияты ямаса жеке қәлеўине бойсынбайтуғын ашық-айдын мәканға түседи.

Платформаға киргизилген машқалалар жасалма интеллект жәрдеминде тийислилиги бойынша министрликлер ҳәм уйымларға автомат түрде бөлистириледи. Жасалма интеллектте болса жүзегөйлик, сансызлық, жуўапкершиликти басқа шөлкемниң мойнына аўдарыў ямаса мүрәжатты көрмей қалыў сыяқлы кемшиликлер болмайды. Алгоритм ҳәр бир мәселениң мәнисин қәтесиз талқылап, сол заматта жуўапкер уйымның жумыс столына қояды. Нәтийжеде әпиўайы инсанның дәрти менен мәмлекеттиң имканияты арасындағы жасалма тосықлар өз-өзинен сапластырылады.

Және бир турмыслық картинаны көз алдымызға келтирейик: аўылда жасайтуғын Садық бабаның көшесиндеги суў қубыры гөнерген ямаса қайсыдур ақлығы жоқары оқыў орнында оқыў ушын жеңиллетилген кредит алыўдың тәртибин түсинбей сергиздан болып жүр. "Мәҳәлле жетилиги" бул жағдайды үйренип, платформаға киргизген ўақыттың өзинде тийисли министрлик ямаса уйымда мәселе көринеди. Мәмлекетлик уйымлар халықтың машқалаларын шешиўге тиккелей тартылғаны себепли, мәҳәлледеги әпиўайы шаңарақ пенен республика дәрежесиндеги ири уйым арасында жанлы ҳәм жедел байланыс орнатылады.

Ҳеш бир жуўапкер "бул мәселе бизиң ўәкиллигимизге кирмейди", деген ески сылтаў менен жуўапкершиликтен бас тартыўы мүмкин емес. Себеби, енди халықтың машқалаларын шешиўди дәрҳал тийисли уйымға жүклейтуғын ҳәм нәтийжесин анық мүддетте сорайтуғын система бар. Ең әҳмийетлиси, мәселе үзил-кесил шешимин таппағанша, орынланыўы қадағалаўдан шықпайды. Әпиўайы етип айтқанда, Садық бабаның көшесинде суў бурынғыдай ағып кетпегенше ямаса ақлығының тәлим кредити шешип берилмегенше, электрон система жуўапкерлерге тынышлық бермейди.

Бул реформаның ең тәсиршең, жәмийет руўхын өзгертетуғын ноқаты болса басшылардың жумысына берилетуғын баҳа менен тығыз байланыслы. Пәрманда халықтың анықланған машқалалары қаншелли унамлы шешилип атырғаны министрликлер ҳәм уйымлар, атап айтқанда, олардың басшылығының жумысын баҳалайтуғын тийкарғы өлшемлерден бири етип белгиленген. Енди ықшам кабинетте отырған басшының қаншелли нәтийжели ислеп атырғанын оның бәлентпәрўаз лекциялары емес, мәҳәлледеги әпиўайы адамның разылығы көрсетип атыр.

Ойлап көриң-дә, Гүлмира апа тигиў машинасын ала алмай атырғаны ямаса Садық бабаның көшесиндеги насазлық ҳәмелдардың лаўазымға қаншелли мүнәсип екенин өлшейтуғын тәрезиге айланып бармақта. Егер пуқара машқаласы ўақтында шешилмесе, тараў басшыларының жыллық жумысына да унамлы баҳа қойылмайды. Мине, усындай қатаң талапшаңлық мәмлекетлик хызметкердиң дүньяға көзқарасын өзгертеди, оны қурғақ қағазпазлықтан ўаз кешип, халық арасына кириўге, ҳәр бир сан артында тири инсанның тәғдири турғанын жүректен сезиўге ийтермелейди.

Бүгин қала ҳәм аўылларымызды араласаңыз, реформалардың нәпеси адамлардың жүз-көзинде, күнделикли турмыс тәризинде сәўлеленип атырғанының гүўасы боласыз. Жақында ғана жумыссызлықтан қыйналып жүрген жигит бүгин "жетилик"тиң жәрдеминде үйинде устахана ашып, дос-яранын да жумыслы етпекте. Кеше перзентин емлетиў ушын қай жерден жәрдем табыўды билмей жүргенлер бүгин "Санлы мәҳәлле" арқалы оператив жоллама алып, мәмлекеттиң ғамқорлығын жүрегинде сезинбекте.

Хош, инсан қашан жәмийетти раўажландырыўға шын кеўилден бел байлайды? Қашан кеўли қәтержам болса, турмысындағы кемисликлер толса ҳәм артында таўдай сүйениш – әдалатлы мәмлекет турғанын ҳәр дем сезинип жасаса! Мәмлекетимиз тәрепинен мәҳәллеге қаратылып атырған итибардың тийкарында да әйне усы турмыслық ҳақыйқат жәмленген. Себеби, жарқын келешек ҳәр бир шаңарақтың абатлығы ҳәм адамлардың бүгинги турмысынан разылық сезиминен пайда болады.

Бүгинги өзбек мәҳәллеси әпиўайы қоңсышылық мәканы емес, жаңаланып атырған жәмийеттиң жүреги, абадан келешек қурылып атырған мәнзилге айланбақта. Шөлкемлер ҳәм уйымлардың күш-ғайраты бирден-бир ноқатқа – мәҳәлледеги әпиўайы адамлардың бахтына қаратылғаны елимизде жаңа раўажланыў дәўирин баслап берди. Астанадан басланған бул әдиллик ҳәм итибар болса ертеңги жарқын күнлеримиздиң ең исенимли кепили болып есапланады.

Жанибек АЛИЖОНОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы