Бүгинги мәресимде қатнасып атырған халықаралық шөлкемлердиң басшыларын, сырт мәмлекетлердиң елшилерин, түркий дүньяның белгили мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер ғайраткерлерин қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң терең ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Пурсаттан пайдаланып, Әндижан қаласын "Түркий дүньяның мәдений пайтахты" деп жәриялағаны ушын Халықаралық түркий мәденият шөлкеми - ТҮРКСАЙ басшылығына ҳәм шөлкемге ағза мәмлекетлерге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Әлбетте, Әндижан ушын бул жоқары ҳүрметти биз Өзбекстанның бай тарийхый, мәдений ҳәм руўхый мийрасының, мәмлекетимиздиң түркий мәденият раўажланыўына қосып атырған үлкен үлесиниң, әмелге асырып атырған кең көлемли реформаларымыздың және бир халықаралық тән алыныўы сыпатында қабыл етемиз.

Әзиз дослар!

Ўатанымыздың өзине тән шығыс дәрўазасы болған Әндижан әсирлер даўамында мәденият, әдебият, көркем өнер ҳәм өнерментшилик орайларынан бири болып келген. Бул муқаддес жер уллы сәркарда ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлер, белгили илимпаз ҳәм ойшыллар, талантлы шайыр ҳәм жазыўшылар, көркем өнер шеберлерин жетилистиргенин пүткил түркий дүнья миннетдаршылық пенен тән алмақта.

Халқымыз мақтанышы болған Бабур Мырзаның үлкен илимий, әдебий мийрасы ҳәм әскерий шеберлигин, азатлық ҳәм ғәрезсизликти жырлаған классик шайыр Абдулҳамид Шолпанның өлмес шығармаларын айрықша атап өтиў керек. Миллий аяқ ойын көркем өнериниң айқын үлгиси болған "Әндижан полкасы", шешенлер жарысы болған "аския" мәдениятты сүйиўши барлық инсанлардың улыўмалық байлығына айланғанын атап өтиў керек.

Биз ТҮРКСАЙ менен бийбаҳа мийрасымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм байытыў, оның менен жас әўлад ҳәм дүнья мәдений жәмийетшилигин кеңнен таныстырыў бағдарындағы тығыз бирге ислесиўди жоқары қәдирлеймиз. Бул бағдарда 100 томлық "Түркий әдебият дүрданалары" бийтәкирар түрде басып шығарылғанын, мәмлекетлеримизде көплеген биргеликтеги илимий әнжуман ҳәм форумлар, ҳәр қыйлы мәдений илажлар ҳәм презентациялар өткерилип атырғанын, быйыл апрель айында Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайында ТҮРКСАЙ офисиниң ашылғанын айрықша атап өтиў керек.

Ҳәзирги ўақытта елимиздиң көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери ТҮРКСАЙдың абырайлы форум, фестиваль ҳәм таңлаўларында табыслы қатнаспақта. Әсиресе, усы жылдың февраль айында өткерилген халықаралық фестивальда Гран-приди қолға киргизген балалар аяқ ойын ҳәм саз әсбаплары ансамбльлери бәршемизди қуўандырды.

Булардың барлығы халықларымыздың терең тамырларға ийе туўысқанлығы буннан былай да беккемленип атырғанын айқын тастыйықлайды.

Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!

"Әндижан - Түркий дүньяның мәденият пайтахты" жойбары шеңберинде бир жыл даўамында мәмлекетимизде ҳәм туўысқан еллерде өткерилетуғын фестиваль ҳәм илимий әнжуманлар, көркем өнер кешелери, дөретиўшилик ушырасыўлар мәдений турмысымызда терең из қалдырып, дослық ҳәм аўызбиршилик байланысларымызды және де беккемлейтуғынына, жас әўлад ушын кең имканиятлар ашатуғынына исенемен.

Бәршеңизди және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, беккем денсаўлық, алдағы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен.

Гөззал Әндижанға хош келдиңиз!

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти