Әлбетте, сизлердиң пидәкерлик мийнетиңиз, мәртлигиңиз бенен қолға киргизилген бул тарийхый жеңис пүткил халқымыздың жеңиси. Бул – пахташылық тараўындағы Жаңа Өзбекстан әжайыбаты болып есапланады.
Бул жетискенликтиң дөретиўшиси сизлер – азамат дийқан ҳәм фермерлеримиз, шебер агроном, суўшы, механизатор, илимпаз ҳәм қәнигелеримиз, кластер хызметкерлери, десек, әдил пикирди айтқан боламыз.
Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизге өзимниң атымнан, пүткил халқымыздың атынан терең миннетдаршылық билдирип, ең жақсы тилеклеримди билдиремен. Сизлер менен пүткил халқымыз мақтанады.
Әсиресе, климаттың өзгериўи менен байланыслы қыйыншылықлар және де күшейген быйылғы жылы пахта шийки затын жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмай, тараўдың ишки имканиятлары есабынан жоқары сапа менен жыйнап-терип алғаныңыз мақтаўға ылайық.
Бул ҳаққында айтқанда, ерксиз пахташылық ел-журтымызға пайда емес, ал азап-ақырет ҳәм ақыбетинде “өзбек иси” деген қурғақ жала келтирген аўыр күнлерди еске аламыз. “Ким едик ҳәм ким болдық?” деген пикир әлбетте қыялымыздан өтеди.
Ҳақыйқатында да, бурынғы совет дәўиринде, атап айтқанда, 1980-жылларда республикамызда пахта жетистириў ушын дерлик 2 миллион гектар жер ажыратылған, орташа өнимдарлық болса 30 центнерден аспайтуғын, нәтийжеде дийқанның кесеси ағармайтуғын еди.
Ғәрезсизликтиң дәслепки дәўиринде, атап айтқанда, 2000-жылға келип 1,4 миллион гектар жерге шигит егилип, Өзбекстан бойынша жәми 3 миллион тонна пахта терилген.
Биз кейинги жыллары тармақты оғада аўыр жағдайдан алып шығыў ушын, бәринен бурын, шигит егилетуғын майданларды 38 процентке қысқартып, пахта монополиясын сапластырдық. Оқытыўшы, студент ҳәм оқыўшыларды, бюджет шөлкемлериниң хызметкерлерин атыз жумысларына тартыўға шек қойдық. Тараўды илим жетискенликлери, заманагөй агротехнологиялар тийкарында раўажландырыўға тийкарғы әҳмийет қараттық. Дәслебинде буған исенбей, гүман менен қарағанлар да болды. Бирақ таңлаған жолымыз қаншелли дурыс екенин бүгин турмыстың өзи, быйылғы нәтийжелеримиз анық тастыйықламақта.
Өткен дәўирде пахташылықта өнимдарлық 2,7 есеге артып, 21 центнерден 56 центнерге жеткени бул бағдарда қандай үлкен раўажланыў жолын басып өткенимизди көрсетип турыпты.
Суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиўимиз есабынан суўдың жумсалыўы 1990-жылларға салыстырғанда 2 есеге азайып, ҳәр бир куб метр суўдың есабынан алынып атырған зүрәәт муғдарының артып атырғаны биз ушын оғада әҳмийетли болып есапланады.
Быйылғы жылы егиў схемалары өзгертилип, нәллердиң саны 2-3 есеге арттырылғаны, ғөрек қурты ҳәм гербицидке шыдамлы жаңа биотехнологиялық сортлар егилгени де өзин ақлады. Бул өзгерислердиң әмелий нәтийжесин дерлик 400 мың гектар жерде орташа өнимдарлық 70 центнерге жеткени, дерлик 70 мың гектарда 100-110 центнерге шекем өним алынғаны мысалында айқын көриў мүмкин.
Әлбетте, бундай жетискенликлер қатарында 1 мыңға шамалас фермер хожалықлары ҳәм кластерлер орташа 100 центнер ҳәм оннан да жоқары шеклерди ийелегени айрықша орын ийелейди. Бул ҳаққында сөз еткенде, 4 мыңнан аслам фермерлеримиз зүрәәтлиликти орташа 60-70 центнерден, 2,5 мыңы болса 80 центнерден арттырғанын, әсиресе, Пахтакор районындағы Анорбой Эшматов ҳәм Жарқорған районындағы Улуғбек Сўпиев ҳәр гектар жерден 110 центнерден зүрәәт алғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтемиз.
Мыңбулақ районындағы “Бургут палўан”, Нәўбәҳәр районындағы “Яҳё бобо”, Боёвут районындағы “Боёвутли Ҳумоюн”, Бекабад районындағы “Отабек Зилола”, Аққорған районындағы “Мурод”, Гүрлен районындағы “Ихлосбек”, Хазарасп районындағы “Якуб Анназар” ҳәм Топыраққала районындағы “Гулчарос Муниса” фермер хожалықлары да өнимдарлықты 100 центнерден асырды.
Жиззақ, Хорезм, Бухара, Наўайы ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында өнимдарлық 60 центнерден асламды қурағаны да пахташылығымыз тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылады.
Оғада аўыр экологиялық аймақта өнимдарлықты өткен жылларға салыстырғанда 10-15 центнерге арттырып, 400 мың тоннадан аслам қырман үйген Қарақалпақстан пахтакешлерин шын жүректен қутлықлаўдан қуўанышлыман.
Зүрәәтлиликти 70 центнерден асырған Мырзаабад ҳәм Ховос районлары, 55-70 центнерге жеткерген Мырзашөл, Пахтакор, Қызылтепа, Үшқорған ҳәм Пешку, Жалақудық, Вабкент, Жандар, Ромитан, Алат, Арнасай, Тўрақорған, Үйши, Бағат, Ханқа, Хазарасп, Жарқорған ҳәм Янгибазар, Әмиўдәрья, Балықшы, Марҳамат, Пахтаабад, Дослық, Көкдала, Нәўбәҳәр, Мыңбулақ, Чартақ, Пахташы, Каттақорған, Қумқорған, Баявут, Аққорған, Бўка, Бекабад, Пискент, Жоқары Шыршық, Бағдад, Қува, Гүрлен ҳәм Қоскөпир районларының мийнеткешлери басқаларға үлги болды.
Ең үлкен – 110 мың тонналық қырман үйген Косон, сондай-ақ, Миришкор (105 мың), Касби (95 мың), Нишон (90 мың), Мырзашөл (85 мың), Мырзаабад (81 мың), Дослық (77 мың), Әмиўдәрья (76 мың), Ақалтын (72 мың), Пастдарғом (71 мың), Пахтакор (68 мың), Мыңбулақ ҳәм Төменги Шыршық (62 мың тоннадан), Боёвут ҳәм Жандар (60 мың тоннадан), Бекабад (58 мың), Гүрлен ҳәм Ромитан (57 мың тоннадан), Вобкент ҳәм Каттақорған (56 мың тоннадан), Ханқа (52 мың тонна) сыяқлы районлар да алдынғылар қатарынан мүнәсип орын ийеледи.
Биз ақыллы, шөлкемлестириўши ҳаял-қызларымыз басшылық етип атырған Алат ҳәм Бостан районларында өнимдарлық орташа 55-60 центнерге жеткерилгенин айрықша қәдирлеймиз.
Быйыл жетистирилген зүрәәттиң 85 проценти 3 мыңнан аслам пахта териў машиналары жәрдеминде 30-35 күнде терип алынғаны, механизациялаў дәрежеси Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында 100 процентке жеткерилгени, басқа аймақларымыз да усы шекке жақынласып атырғаны адамларды аўыр мийнеттен қутқарыў жолындағы реформаларымыздың әҳмийетли нәтийжеси болып есапланады.
Пахташылық кеңесиниң шөлкемлестирилгени, илимпазларымыз тәрепинен дәстүрий емес технологиялар қолланылғаны ҳәм санластырыў, дронлардан пайдаланыў арқалы қәрежет еки есеге азайтылғаны да быйылғы жетискенликлерди тәмийинлеўде тийкарғы фактор болды. Соның қатарында мәмлекет тәрепинен ажыратылып атырған қаржы ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланылғаны, төлем тәртибиниң жақсыланып, субсидиялаўдың жетилистирилгени, қамсызландырыў системасының жаратылғаны, бир сөз бенен айтқанда, тармақта системаның пүткиллей жаңаланғаны жоқары нәтийжелерге ерисиўде салмақлы роль атқарды.
Усы жерде және бир әҳмийетли санға итибарыңызды қаратпақшыман: быйыл фермерлеримиз пахтадан 13-14 триллион сум сап пайда алыўы күтилмекте. Усы тийкарда олар жыл даўамында ислеген машақатлы мийнетиниң есабынан мүнәсип дәрамат табыўы, адамларымыздың турмысы және де абат ҳәм абадан болыўы тәбийғый.
Әлбетте, мине, усындай үлкен нәтийжелерди тәмийинлеўде аўыл хожалығын раўажландырыўға қаратып атырған турақлы итибарымыз, дийқан ҳәм фермерлер, кластерлер, улыўма, атызда мийнет етип атырған ҳәр бир инсанның өз мийнетинен мәпдарлығы, ертеңги күнге исеними шешиўши әҳмийетке ийе болмақта.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Аўыл хожалығы тараўындағы стратегиялық жолымызды әмелге асырыўда биз, бәринен бурын, сизлерге, аграр тармақта жумыс алып барып атырған 3,5 миллионнан аслам дийқанларға сүйенемиз. Сизлер ушын және қандай қосымша шараят ҳәм имканиятлар жаратыў керек болса, ҳәммесин тәмийинлеп бериўге таярмыз.
Аўыл хожалығы тараўындағы стратегиялық жолымызды әмелге асырыўда биз, бәринен бурын, сизлерге, аграр тармақта жумыс алып барып атырған 3,5 миллионнан аслам дийқанларға сүйенемиз. Сизлер ушын және қандай қосымша шараят ҳәм имканиятлар жаратыў керек болса, ҳәммесин тәмийинлеп бериўге таярмыз.
Аўыл хожалығының жоқары ҳәм турақлы раўажланыўы – пүткил елимиздиң жоқары ҳәм турақлы раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейтуғын фактор болып есапланады.
Жақында Ташкентте болып өткен Халықаралық пахта күнине бағышланған әнжуманда 30 дан аслам мәмлекеттен келген илимпаз ҳәм қәнигелер биз ерисип атырған жетискенликлерди тән алып, Пүткил жер жүзилик пахташылық орайын әйне Өзбекстанда шөлкемлестириў бойынша усыныс билдиргени бийкарға емес, әлбетте.
Келеси жылы зүрәәтли туқымлық сортларынан пайдаланыў, агродрон арқалы қайта ислеў, суўды ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды, жасалма интеллектти қолланыў бойынша сизлерге және де көбирек шараятлар жаратып, пахтадан орташа өнимдарлықты 65-70 центнерге жеткериўди мақсет етип қойдық. Мине, усындай әҳмийетли ўазыйпаларды табыслы орынлаўда фермерлеримиз ҳәм кластер хызметкерлери илимпазлар, инженер ҳәм қәнигелер менен биргеликте және де үлкен күш-ғайрат пенен мийнет етеди, деп исенемен.
“Өз” деген ийгиликли идеямыз негизинде жәмленген өз жумысымыз, өз сөзимиз, өз жеңисимизге исеним руўхы менен алға қарай барыўдан ҳеш қашан тоқтамаймыз!
Өзбекстан пахташылығының жаңа тарийхын жаратыўшы сиз, әзизлерди бүгинги әжайып мийнет жеңиси байрамы менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, тынышлық-аманлық, шаңарақларыңызға бахыт-ығбал, қут-берекет тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти