Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан елшисиниң нәтийжели жумысы ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын раўажландырыў және беккемлеўге қосқан жеке үлесин айрықша атап өтти.

Жоқары дәрежедеги ҳәм басқа да дәрежедеги жедел сөйлесиўлер жолға қойылған. Саўда-экономикалық тараўда сезилерли жетискенликлерге ерисилди: соңғы жыллары товар алмасыў көлеми есесине артты, Әзербайжан капиталының қатнасыўында 280 кәрхана шөлкемлестирилди, Биргеликтеги инвестициялық компания шөлкемлестирилди.

Геология, аўыл хожалығы, транспорт, қала қурылысы, тоқымашылық, фармацевтика ҳәм басқа да тармақлардағы кооперациялық жойбарлар жедел басқышта.

Мәдений-гуманитарлық алмасыў бойынша әҳмийетли бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы елши Гусейн Гулиевқа Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды беккемлеўге қосқан үлкен үлеси ушын “Меҳнат шуҳрати” орденин тапсырды.

Елши, өз гезегинде, оның дипломатиялық миссиясына берилген жоқары баҳа және Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы кең көлемли бирге ислесиўдиң раўажланыўын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ушын мәмлекетимиз жетекшисине терең миннетдаршылық билдирди.