Атап айтқанда, тутыныўшылардың тәбийий газден үзликсиз
ҳәм қәўипсиз пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәзирги ўақытта газ тармақларында
модернизациялаў жумыслары алып барылып, еки басқышлы системаға өткериў
жумыслары жүргизилмекте. Онда хожалықларға орнатылған электрон газ есаплаў
үскенелериниң алдына редукторлар орнатылып, бул орнатылып атырған редукторлар
тутыныўшыларға бир тегис тәбийий газ жеткерип бериў менен бирге, олардың
тәбийий газден қәўипсиз пайланыўына тийкар жаратады.
Быйылғы жылы республика бойынша 18921 хожалыққа
редукторлар орнатыў режелестирилген. Бүгинги күнге келип қала ҳәм районларда
жәми 15724 хожалық еки басқышлы системаға өткерилип, редукторлар орнатылды.
Сондай-ақ, еки басқышлы системаға өткерилген аймақлардағы жәми 325 газ
бөлистириў пунктлерин қайта монтажлаў белгиленген. Ҳәзирги күнге келип 151 дана
ГРП қайта монтажланды ҳәм бул жумыслар орынларда басқышпа басқыш әмелге
асырылмақта.
Нөкис қаласында да быйылғы жылы 2504 хожалықты еки
басқышлы системаға өткериў режелестирилген болып, бүгинги күнде 2187 жеке
хожалыққа редукторлар орнатылды. Белгиленген реже 87 процентке орынланыўына
ерисилди. Сондай-ақ, 22 газ ретлеўши пункт қайта монтажланды.
Жыл ақырына шекем белгиленген реже бойынша жумыслар
толық әмелге асырылса, тутыныўшылардың тәбийий газден қәўипсиз ҳәм бир тегис
пайдаланыўы тәмийинленеди. Бул бағдардағы жумыслар аймақларда даўаметтирилмекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.