Иран тәрепине Өзбекстанның қатаң наразылығын билдиретуғын наразылық нотасы тапсырылды.

Бул ҳаққында Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги мәлимлеме хызмети Омонулла Файзиев мәлим етти.

Қарсылыққа Иранның сырт мәмлекетлердеги бир қатар дипломатиялық ўәкилханалары тәрепинен "Х" социаллық тармағында Самарқанд қаласының тарийхый-мәдений мийрасын бир тәреплеме ҳәм сиясий мақсетлерде талқылаўшы материаллар жәрияланғаны себеп болды.

Ушырасыў даўамында Самарқанд, Бухара, Хийўа ҳәм Өзбекстанның басқа да тарийхый қалаларының мийрасы көп әсирлер даўамында қәлиплескен бай ҳәм көп қырлы тарийхый-мәдений раўажланыўдың ажыралмас бөлеги екени атап өтилди. Самарқандтың тарийхый-мәдений келбети өзбек халқының көп әсирлик тарийхы, мәмлекетшилик дәстүрлери ҳәм мәдений раўажланыўын сәўлелендириўи атап өтилди.

Сондай-ақ, дипломатиялық ўәкилханалардың рәсмий мәлимлеме ресурсларында жәрияланатуғын материаллар өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним принциплерине муўапық болыўы, тарийхый-мәдений мәселелердиң сиясийласыўына алып келмеўи керек екенлиги атап өтилди.

Иран тәрепине тийисли постларды дипломатиялық ўәкилханалардың социаллық тармақлардағы бетлеринен алып таслаў ҳәм келешекте бундай жағдайлардың қайталаныўына жол қоймаў бойынша зәрүр илажлар көриў талабы билдирилди.

Өзбекстан Иран менен өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимге тийкарланған қатнасықларды қәдирлейди. Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң тарийхый-мәдений мийрасын бир тәреплеме талқылаўға байланыслы принципиаллық позициясын сақлап қалады.