2026-жыл 16-17-декабрь күнлери Халықаралық саўда орайы (ХСО)ның конгресс орайында “MGMC” төртинши мәрте жоқары дәрежедеги сөйлесиў ушын халықаралық “MICE” индустриясының тийкарғы қатнасыўшылары: исбилерменлик илажларының шөлкемлестириўшилери, “MICE” хызметлерин жеткерип бериўшилер, корпоратив буйыртпашылар, мәмлекетлик туризм уйымларының ўәкиллери, тармақ ассоциациялары, БРИКС ҳәм Глобал Қубла мәмлекетлериниң жетекши экспертлерин бирлестиреди.

Өзбекстанлы делегатлар ушын “MGMC” 2026 раўажланып атырған халықаралық базарларда жаңа шериклер табыў, исбилерменлик байланысларын орнатыў, бизнести беккемлеў ҳәм өзиниң “MICE” потенциалын көрсетиў ушын нәтийжели канал болып хызмет етеди. 2025-жылы 130 дан аслам экспонентлер арасында Өзбекстанның “Sanat Travel Experts DMC”, “Inter MICE Asia”, “Silk Road Samarkand” компаниялары жетекши “MICE”-дестинцияларын усынды. Экспозицияда мәмлекетимиздиң заманагөй “MICE”-инфраструктурасы потенциалы, логистикаға қолайлылығы ҳәм жоқары сервис дәрежеси көрсетилди. Быйылғы жылы да конгресс майданында Өзбекстанның “MICE” операторлары, мийманхана брендлери, қәнигелескен ассоциациялар, транспорт компаниялары ҳәм барлық профессионал ҳәм қызығыўшы аудитория ушын имканиятларды таныстырыўға мөлшерленген кең көлемли экспозиция және бир мәрте өткериледи.

Конгресс күн тәртибинде “Hosted Buyers” бағдарламасы айрықша итибарға ылайық. Онда усы жылы ҒМДА, Қытай, Ҳиндстан, Қубла-Шығыс Азия, Жақын Шығыс, Латын Америкасы ҳәм Африкадан 200 ден аслам профессионал қарыйдарлар қатнасады. “Hosted Buyers” бағдарламасында қатнасыў Өзбекстаннан келген қатнасыўшыларға жетекши “MICE”-провайдерлер менен байланыс орнатыў ҳәм Москваның дүнья көлеминдеги жетекши “MICE”-дестинциялардан бири сыпатындағы потенциалын баҳалаў имканиятын береди. Конгресс қатнасыўшыларының дерлик 70 процентин жоқары дәрежедеги басшылар ҳәм қарар қабыл етиўшилер қурайтуғынын есапқа алсақ, сөйлесиўлердиң бул форматы шәртнамалар дүзиў ҳәм жеделлик пенен келисимлер дүзиў ушын жоқары потенциалға ийе. Улыўма, өткен жылы “MGMC” майданында 8 мыңнан аслам В2В ушырасыўлары өткерилди.

“MGMC 2026” әмелиятқа бағдарланған бизнес бағдарламасын усынады, онда тийкарғы итибар реал бизнес-кейслер ҳәм интерактив форматларға қаратылады. Оның дыққат орайында “MICE”-санаат қатнасыўшылары ушын әмелий қураллар турады: стратегияны қәлиплестириўден баслап идеяны анық финанслық нәтийжеге айландыратуғын әмелий шешимлерге шекем. Делегатлар жаңа базарларға шығыў, инвестицияларды тартыў, бизнести қоллап-қуўатлаў илажлары ҳәм санлы трансформация, соның ишинде, жасалма интеллектти енгизиў мәселелерин додалайды. Аймақлардың мәдений кодына сүйенген ҳалда күшли мәнзил брендлерин жаратыў, сондай-ақ, БРИКС ҳәм Глобал Қубла базарларындағы жумыслардың өзине тән өзгешеликлерине айрықша тоқтап өтиледи. Экономикалық блок рентабелликти басқарыў, касса үзилислериниң алдын алыў ҳәм стандарт емес дәрамат дәреклерин табыў мәселелерин қамтып алады. Бизнес моделиниң эволюциясына айрықша итибар қаратылады: "адам-саат" сатыўдан буйыртпашы ушын өлшенетуғын қунды тәмийинлеўге өтиў. Жоқары өсиў пәтлерин сақлап қалып, бизнести табыслы кеңейте алған базар жетекшилери өз кейслери менен ортақласады.

“MGMC” ҳәр жылы трендлерди додалаў ҳәм шериклик байланысларын орнатыў ушын профессионал платформа дәрежесин арттырады, халықаралық “MICE” индустриясы ушын жаңа қәнигелескен илаж режесин белгилеп береди.

"Өзбекстанлы қәнигелер ушын “MGMC” — исбилерменлик байланыслары географиясын кеңейтиў, өз компетенцияларын көрсетиў, жәҳән “MICE”-индустриясы қалай раўажланып атырғанын көриў ҳәм Москва менен заманагөй “MICE”-дестинция сыпатында танысыў имканияты болып есапланады. Өзбекстанлы кәсиплеслеримиздиң қатнасыўы биз ушын тек ғана Москва тәжирийбесин бөлисиў емес, ал ең жақсы әмелиятларды өзлестириў, бирге ислесиўдиң жаңа ноқатларын излеў ҳәм кәсиплик қарым-қатнасты раўажландырыў имканияты болып есапланады", - деп есаплайды "Москва туризм ҳәм миймандослықты раўажландырыў жойбарлаў офиси" (Мостуризм) АЖ бас директорының исбилерменлик туризмин раўажландырыў бойынша биринши орынбасары Анастасия Попова.

2026-жылғы “MGMC” ушын толық мағлыўмат ҳәм дизимнен өтиў илаждың рәсмий веб-сайтында.

Сабина Шарипова.