Бул Президенттиң "Аграр секторды қаржылай қоллап-қуўатлаў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қәўип-қәтерлерди басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарында (ПҚ-354-санлы, 28.09.2026-ж.) нәзерде тутылған.

Қарарға муўапық, аўыл хожалығы субъектлерине бир қатар субсидиялар бериледи.

Атап айтқанда, 2026-жыл өними ушын 4-ҳәм 5-сорттағы пахтадан тысқары ҳәр бир тонна пахта шийки затына 500 мың сумнан субсидия ажыратылады.

Буннан тысқары, 2026-жылы пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм олар шөлкемлестирген кәрханаларға пахта жетистирилген ҳәр бир гектар жер майданы ушын 1,5 миллион сумнан қаржы ажыратылады.

2027-2029-жылларда шарўашылық хожалықларына тийкарғы майданларда от-жем өнимлери жетистирилетуғын егислик майданының ҳәр бир гектарына жылына 500 мың сумнан субсидия бериледи. Субсидия Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлигиниң жуўмағы тийкарында ажыратылады.

2026-жыл 1-октябрьден 2027-жыл 1-июньға шекем исбилерменлик субъектлерине суўытылған қарамал ҳәм қой гөшин импорт етиўде гөштиң ҳәр бир килограмы ушын 2,5 мың сум муғдарында субсидия бериледи.

Сондай-ақ, 2027-жыл 1-январьдан 2028-жыл 1-январьға шекем ҳуқықый эксперимент тәризинде "Нәтийжели субсидия" системасы енгизиледи. Онда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилердиң суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиўге қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў нәзерде тутылған.

Субсидия муғдары оны алыўшының қәрежетлери, өнимдарлық, өнимниң сапасы ҳәм басқа да нәтийжелилик көрсеткишлерин есапқа алған ҳалда белгиленеди.

Аўыл хожалығы кәрханаларын қамсызландырыў тараўында да хошаметлеў илажлары нәзерде тутылған. Атап айтқанда, үш жыл даўамында қамсызландырыў жағдайы жүз бермеген кәрханаларға төртинши жылдан баслап қамсызландырыў сыйлығына 10 проценттен 20 процентке шекем шегирме бериледи.

Сондай-ақ, қамсызландырыў сыйлығының 3-5 проценти алдын алыў илажлары резервине қаратылады.