Кейинги жылларда мәмлекетимизде жеке меншик секторды раўажландырыў ҳәм инвестицияларды тартыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Бүгинги күнде мәмлекеттиң экономикадағы үлеси 42 процентти, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың саны 1 мың 825 ти қурамақта. Атап айтқанда, өткен жылы дерлик 30 триллион сумлық мәмлекетлик активлер меншиклестирилип, бюджетке 10 триллион сумнан аслам түсим тәмийинленген. Жер участкаларын сатыў көлеми де избе-из артып, 6 триллион сумға жеткен.

Меншиклестириўде материаллық мәпдарлық системасы енгизилип, аймақлардың ықтыярында 2,6 триллион сум, мәҳәллелерде болса 7 миллиард сум қаржы қалды. Мәмлекетлик кәрханалар тәрепинен бюджетке 49 триллион сум дивиденд төленген. Улыўма, кейинги бес жылда меншиклестириў нәтийжесинде мәмлекетлик кәрханалардың саны 60 процентке қысқарған.

Сын көзқарас руўхында өткен мәжилисте тараўда шешимин күтип турған мәселелер сақланып қалып атырғаны атап өтилди.

Жаңа мүлк иелерине жумыс орынларын сақлап қалыў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм өндиристиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша талапларды күшейтиў зәрүр. Өткен жылы нәтийжесиз ислеп атырған мәмлекетлик кәрханалардың саны 362 ге жеткени бул бағдардағы жумысларды жеделлестириўди талап етпекте.

Соның менен бирге, мәмлекетлик кәрханаларды таллаў системасында заманагөй санлы қураллар ҳәм жасалма интеллект имканиятларынан еле толық пайдаланылмай атыр. 2024-жылы финанслық жағдайы аўыр болған 451 кәрхана 14 триллион сум зыян көрген болса, өткен жылы 362 кәрхана 4 триллион сум зыян көрген. Соның ушын мәмлекетлик кәрханалардың жумысын терең таллаў, олардың финанслық турақлылығын баҳалаўдың жаңа механизмин енгизиў ҳәм машқалаларды ерте анықлаўды жолға қойыў керек.

Меншиклестириў процесинде аналитикалық қатнас еле жетерли дәрежеде қолланылмай атыр. Соның ушын бул жумысларды тармақ принципи тийкарында шөлкемлестириў, ҳәр бир тармақты өз алдына таллаў, оның социаллық-экономикалық ақыбетлерин баҳалаў, бәсеки орталығын үйрениў ҳәм усы тийкарда усыныслар таярлаў белгиленди.

Аймақларда мәмлекетлик мүлктен ақылға уғрас пайдаланыў, бос турған майданларды экономикалық айланысқа тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Оның ушын бундай объектлерди басқарыўдың бирден-бир системасын басқышпа-басқыш енгизиў, бир хызметкерге туўра келетуғын орташа майданды 27 квадрат метрден 12-15 квадрат метрге қысқартыў усынысы билдирилди. Бул 4,9 миллион квадрат метр майданды экономикалық айланысқа киргизиў, бос имаратларды сатыўға шығарыў ҳәм ижараға бериў, сақлаў ҳәм коммуналлық хызметлер ушын қәрежетлерди азайтыў имканиятын береди.

Мәжилисте исбилерменлерге ажыратылған, бирақ экономикалық айланысқа қосылмаған жер майданлары мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, 2022-2025-жылларда ажыратылған 11,4 мың гектар жердиң 3,1 мың гектарында экономикалық жумыслар толық шөлкемлестирилмегени көрсетип өтилди.

Сол себепли жер участкаларының ҳақыйқый жағдайын онлайн мониторинг етиў, таяр жойбарлар тийкарында аукционға шығарыў, инвестициялық жойбарларда қатнасыў нормаларын күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Оның ушын  «E-auksion», «Yerelektron», "Узбеккосмос" агентлиги, «Shaffof qurilish», «UzKAD» сыяқлы мәлимлеме системаларын интеграциялаў арқалы бос жерлерди нәтийжели анықлаў системасын енгизиў усыныс етилди. Бундай жерлерди экономикалық айланысқа киргизиўде орынларда ҳәкимликлердиң рольин күшейтиў бойынша тапсырма берилди.

Буннан былай исбилерменлик ушын жер участкалары таяр бизнес жойбар түринде, руқсат бериўши ҳүжжетлер менен аукционға шығарылатуғыны белгиленди.

Сондай-ақ, ири активлер, атап айтқанда, «UzAuto Motors» компаниясы ҳәм оның қурамындағы кәрханалар, "Наўайыазот" және ыссылық электр станцияларын меншиклестириў бойынша таярлық жумысларының барысы ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигинде Санлы технологиялар жойбарлаў офисин шөлкемлестириў усынысы билдирилди. Бул система шеңберинде барлық меншиклестириў процесслерин онлайн мониторинг етиў, мәмлекетлик кәрханалардың финанслық анализи ҳәм түсимлерди бөлистириў процесслерине жасалма интеллект элементлерин енгизиў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге экономикада мәмлекеттиң қатнасын және де қысқартыў, активлерден нәтийжели пайдаланыў, заманагөй көзқараслар тийкарында меншиклестириў процесслерин жеделлестириў бойынша тапсырмалар берди.