Абырайлы әнжуманда дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен 5 мыңға шамалас ўәкил қатнаспақта.

Конгресс шеңберинде трансмиллий жынаятшылық, терроризм, наркотрафик, коррупция ҳәм экологиялық ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, балаларды қорғаў ҳәм нызам үстинлигин беккемлеў илажлары додаланды.

Конгресс шеңберинде Саида Мирзиёева БМШ Бас хаткериниң орынбасары, БМШтың Нәшебентлик ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының атқарыўшы директоры Моника Жума менен де ушырасты.

- БМШтың бул структурасы менен жедел бирге ислесип, бир қатар биргеликтеги жойбарларды әмелге асырмақтамыз, - деди Саида Мирзиёева.

Атап өтилиўинше, бул конгресс Өзбекстан ушын айрықша әҳмийетке ийе. Барлық қатнасыўшы мәмлекетлер Өзбекстанның гезектеги конгрессти елимизде өткериў басламасын қоллап-қуўатлады. Бул жуўмақлаўшы декларацияда да өз көринисин тапты.

Саида Мирзиёева бул қарарды Өзбекстанға болған жоқары халықаралық исенимниң белгиси, деп атады.

2031-жылы Өзбекстан дүньяның түрли мәмлекетлеринен делегацияларды қабыллайды. Келеси конгресске таярлық бес жыл даўамында әмелге асырылады.