Жойбар Россияның «VR Plast» компаниясы менен биргеликте 4,2 мың квадрат метр майданда әмелге асырылды. Жойбардың улыўма баҳасы 5,4 миллион долларды қурайды.

Кәрханада заманагөй лаборатория жумысы жолға қойылып, инновациялық өндирис линиялары иске қосылған. Бүгинги күнде компания термопластик эластомер гранулалар ҳәм олардан таяр өнимлер ислеп шығарыў бойынша жергиликли базарда жетекшилер қатарына киреди.

Кәрханада жоқары сапалы термоэластомерлер, есик ҳәм айна рамалары ушын тығызлаўшы үскенелер, техника ҳәм азық-аўқат санааты ушын шланглар, қурылыс ҳәм электротехника тармақлары ушын ҳәр қыйлы полимер өнимлер ислеп шығарылады.

Ислеп шығарылып атырған өнимлердиң тийкарғы абзаллықлары олардың жоқары беккемлиги, деформацияларға ҳәм сыртқы орталық тәсирине шыдамлылығы болып есапланады. Усы қәсийетлери себепли өнимлер қурылыс, автомобиль қурылысы, азық-аўқат санааты, электротехника тараўларында кеңнен қолланылмақта.

Кәрхана структурасында заманагөй изертлеў орайы жумыс алып бармақта. Бул жерде Азия ҳәм Европа базарының талапларын есапқа алған ҳалда термоэластопластлардың жаңа рецептуралары ислеп шығылмақта. Соның менен бирге, таяр гранулалар, тығызлатқышлар ҳәм жоқары басымлы шланглар халықаралық стандартларға сәйкеслиги бойынша сынақтан өткерилмекте.

Кәрханада 58 жаңа жумыс орны жаратылған. Өткен жылдың жуўмағы бойынша бул жерде 103 миллиард сумлық өним ислеп шығарылған. Буннан тысқары, 5 миллион долларлық өним экспорт етилди.

Кәрхана жумысының және бир әҳмийетли нәтийжеси импорттың орнын басыўға үлес қосыў болып есапланады. Атап айтқанда, 2025-жылы 8,5 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарылған.

Келешекте кәрханада өндирис көлемин 177 миллиард сумға, экспорттың үлесин болса 60 процентке жеткериў режелестирилген. Бул режелердиң әмелге асырылыўы кәрханаға тек ғана ишки базар талапларын қанаатландырыў емес, ал Орайлық Азия ҳәм басқа да сырт еллердиң базарларында өз орнын және де беккемлеў имканиятын береди.