Жойбар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-январьдағы "Шарўашылық тармағын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы қарарында берилген кең имканиятлар нәтийжесинде әмелге асырылды.

Улыўма баҳасы 35 миллион доллар болған бул кластер 10 гектар майданда үш басқышта шөлкемлестириледи.

Биринши басқышта сырт елден 15 мың бас нәсилли қой алып келинеди. Екинши басқыш жуўмақланғаннан соң, және 35 мың басқа көбейтиў режелестирилген. Жоқары өнимдарлы “Арашан”, “Гиссар” ва “Адельбай” қой нәсиллери жергиликли климат шараятына бейимлестириледи.

Ҳайўанларды бағыўдың заманагөй технологиялары ҳәм илимий көзқарасларды енгизиў гөш жетистириў көлемин кескин арттырыў ҳәм сапасын жақсылаў имканиятын береди. Жойбардың технологиялық параметрлерине бола, сырт елден алып келинген 40-50 килограммлық қойларды үш ай даўамында интенсив бағып, олардың тири салмағын 100 килограммға жеткериў нәзерде тутылмақта. Бул ҳәр бир ҳайўаннан таза салмақта 60-70 килограммға шекем гөш алыў имканиятын береди.

Нәтийжеде дәстүрий шарўашылық усылларына салыстырғанда өнимдарлық 45-50 процентке артады. Жойбар толық қуўатлылық пенен иске қосылғаннан соң ўәлаятта жылына 35-40 мың тонна сапалы гөш өнимлерин ислеп шығарыў тәмийинленеди.

280 жаңа турақлы жумыс орнын жаратыў, сондай-ақ, 95 кем тәмийинленген шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеў жергиликли халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.

Сондай-ақ, комплекс негизинде заманагөй логистика хызметлери, ветеринария ҳәм сервис пунктлери, өнимлерди тиккелей тутыныўшыларға сатыў ушын саўда шақапшалары шөлкемлестириледи. Нәтийжеде бир пүтин ҳәм үзликсиз кластер шынжыры қәлиплеседи.

Президентимиз бул кәрхананың тәжирийбеси шарўашылық тармағын раўажландырыў, ишки базарды сапалы гөш өнимлери менен толықтырыў ҳәм халықтың бәнтлигин арттырыўда пайдалы болатуғынын атап өтип, оны кеңейтиў бойынша тапсырмалар берди.