Бул сораўларға жуўап табыў мақсетинде ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлар
координаторы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша комитет ҳәм мийнет
миграциясын басқарыў бойынша миллий шериклер менен биргеликте Ташкентте семинар
шөлкемлестирип, онда мигрант ҳаял-қызлардың реал тәжирийбеси додаланды, оларды
экономикалық реинтеграциялаў бойынша тийкарғы машқалалар ҳәм әмелий қәдемлер
көрип шығылды.
Миграция жаңа
шеклерди ашса да, ҳаял-қызлар көбинесе өзине тән қыйыншылықларға дус келеди -
жергиликли мийнет базарына бейимлесиўден баслап, қайтып келгеннен кейин қаржы
ресурсларын табыўға шекем.
Қатнасыўшылар
жойбар нәтийжелерине, ҳаял-қызлар Ўатанға қайтыўдан алдын ҳәм кейин олар менен
ислесетуғын мәмлекетлик ҳәм халықаралық шөлкемлердиң реал тәжирийбесине сүйенди.
- Өзбекстанда
мигрантлардың шаңарақларын қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға комплексли жәрдем
көрсетиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта. ЕҚБШның Өзбекстандағы
жойбарлар координаторы менен биргеликте қайтып келген ҳаял-қызларды
экономикалық жақтан қайта тиклеўге қаратылған каскадлы тренинглер бағдарламасын
әмелге асырмақтамыз. Оларды талап жоқары болған кәсиплер, IТ-технологиялар ҳәм
финанслық саўатлылықты ийелеўге жәрдемлесетуғын тренерлерди оқытамыз,-деди
Өзбекстан Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығының биринши орынбасары Умида
Абдуллаева.
Семинар мәмлекетлик
структуралар ҳәм халықаралық шөлкемлер тәжирийбе алмасыў, әҳмийетли мәселелерди
додалаў, мийнет миграциясын басқарыўды жетилистириў ҳәм ҳаял-қызлардың
экономикалық реинтеграциясын қоллап-қуўатлаў бойынша әмелий, гендерге
бағдарланған қатнасларды белгилеп алыў имканиятына ийе болған майданға айланды.
Европада
қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Өзбекстандағы жойбарлары координаторы,
елши Антти Карттунен ҳаял-қызлардың имканиятларын кеңейтетуғын қәўипсиз,
инклюзив миграция механизмлерин жаратыўда көп тәреплеме бирге ислесиўдиң
тийкарғы ролин атап өтти:
- Мийнет
миграциясын нәтийжели ҳәм гендерге бағдарланған ҳалда басқарыў ҳаял-қызлардың
үйине исеним менен қайтыўы, сырт елде алған көнликпелерин ҳәм тәжирийбесин
қолланыўы, сондай-ақ, Өзбекстанның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына
толық үлес қосыўы ушын шараятлар жаратыўдан ибарат.
Илаж шеңберинде
ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлар координаторы, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети,
Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик
министрлиги, Халықаралық миграция шөлкеми ўәкиллериниң қатнасыўында жоқары
дәрежедеги панель додалаўы да болып өтти. Қатнасыўшылар миграция циклиниң
барлық басқышларында мигрант ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша
институционаллық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм хызметлер сапасын арттырыў
мәселелерин додалады.
Семинар ЕҚБШның
Өзбекстандағы жойбарлар Координаторының еки жыллық "Ҳаял-қызлар мийнет
миграциясын нәтийжели басқарыўға жәрдемлесиў ҳәм қайтып келиўши мигрант
ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын экономикалық жақтан кеңейтиў"
жойбары шеңберинде шөлкемлестирилмекте. Жойбар миллий бирге ислесиўшилерге
миграцияны гендер тийкарында басқарыўды күшейтиў, институционаллық бирге
ислесиўди раўажландырыў ҳәм ҳаял-қызлардың турақлы экономикалық реинтеграциясы
ушын имканиятларды кеңейтиўге жәрдемлеседи. Бул баслама Германия, Норвегия,
Түркия ҳәм Корея Республикасы тәрепинен қаржыландырылмақта.